Халықлар дослығы күни көтериңки руўхта белгиленди

125

Дослық ҳәм аўызбиршилик қәдириятлары үстин болған елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, сондай-ақ, 16 диний коньфессия ўәкиллери тыныш ҳәм татыў турмыс кеширип атыр. Олар арасындағы миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығын және де беккемлеў мақсетинде бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.


Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 157 миллий мәдений орай ҳәм 38 дослық жәмийети жумыс алып барып, түрли миллет ўәкиллери өз миллий үрп-әдетлери, дәстүрий мәденияты ҳәм тиллерин қәстерлеп сақлаў, раўажландырыў имканиятына ийе болмақта. Оқыў-тәрбия процесслери болса өзбек, қарақалпақ, рус, тәжик, қазақ, қырғыз ҳәм түркмен тиллеринде алып барылып, мәмлекет есабынан зәрүр сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленбекте.


Миллий мәдений орайлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде мәмлекет тәрепинен заманагөй техника қураллары, музыка әсбаплары, мебель ҳәм миллий липаслар менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, орайлардың нәтийжели жумысы ушын заманагөй имаратлар ажыратылып, оларда улыўма миллий байрамлар, фестивальлар, коньцертлер, семинар ҳәм коньференциялар турақлы өткерилип келинбекте.


Бундай реформалардың нәтийжеси сыпатында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» деген ийгиликли идея барлық миллий мәдений орайлардың жумысының сүрени болып қалды. Бул, өз гезегинде, мәмлекетимизде ҳүким сүрип атырған миллетлераралық татыўлық, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик орталығының айқын көриниси болып есапланады.
Мине, усындай ийгиликли мақсетлерди жүзеге шығарыўды гөзлеп, ҳәр жылы 30-июль – Халықаралық дослық күни мәмлекетимизде Халықлар дослығы күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте. Быйылғы байрам илажлары да оғада көтериңки ҳәм қызғын руўхта өтти.
Атап айтқанда, Нөкис қаласында шөлкемлестирилген «Дослық фестивалы» барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды. Фестивал шеңберинде миллий мәдений орайлар тәрепинен таярланған миллий липаслар, өнерментшилик буйымлары ҳәм әдебиятлар көргизбеси, сондай-ақ, жергиликли санаат кәрханалары, кластерлер ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көргизбеси өткерилди.


Салтанатлы илажда Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде халықлар арасында дослық ҳәм өз-ара аўызбиршиликти беккемлеў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар, әсиресе Қарақалпақстандағы социаллық-экономикалық реформалар ҳаққында айтып өтти.


Кешеде елимизге белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен ана Ўатан, оның ғәрезсизлиги ҳәм халықлар дослығын жырлайтуғын коньцерт бағдарламасы қойып берилди.
Бундай мәдений-ағартыўшылық илажлар ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап даўам етпекте. Олар халықлар арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм дослық байланысларын және де беккемлеўге хызмет етпекте.

 

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери