Бағ елдиң ырысқы-несийбеси, дастурханымыз көрки

115

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм Өзбекстан журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң шөлкемлестириўи менен мийўе ҳәм жүзимгершиликке қәнигелескен хожалықлардың бүгинги күни алып барып атырған жумыслары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында Әмиўдәрья ҳәм Елликқала районларына пресс-тур шөлкемлестирилди.

Пресс-тур қатнасыўшылары дәслеп Әмиўдәрья районы Шайкөл аўыл пуқаралар жыйынындағы «Аму анорлари», «Манғит омад савдо», «Аму тўлқин балиғи» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң егислик майданларында болып, бул жерлердеги әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

-Әмиўдәрья районында бағшылық ҳәм жүзимгершиликке қәнигелескен 61 аўыл хожалығы кәрханалары бар болып, оларда 1046 гектар майданда мийўели бағлар бар,-дейди Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Әмиўдәрья районы жойбар офисиниң бас қәнигеси Юнусбек Атажанов.-Соннан 641 гектары зүрәәтли бағлар, 405 гектары жаңа бағлар болып есапланады. Атап айтқанда, быйылғы бәҳәр мәўсиминиң өзинде фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 76 гектар жерде интенсив бағ шөлкемлестирилди.

Районда бағшылық тараўына қызығыўшылар саны күннен-күнге көбейип бармақта. Жаслар агентлиги ҳәм районлық Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң қәнигелери тәрепинен аўыл хожалығы кәрханалары шөлкемлестирген бағларда жумыссыз жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша илажлар жолға қойылған.

-Ферғаналы курслас досларымның мәсләҳәти менен үй алды қыйтақ жеримниң 30 сотих жерине әнар нәллерин егип, оларды тәрбиялап атыр едим,-дейди «Аму анорлари» жуўапкершилиги шеклеген жәмийетиниң баслығы Полат Абдурахманов.-Мениң бул ислеп атырған жумысымды көрип жүрген сол ўақыттағы район ҳәкими Султанбек Йулдашев маған Шайкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 8 гектар жердеги өнимдарлығы аз бағдың орнына әнар егиўди усыныс етти. 2020-жылы усы жәмийетти шөлкемлестирип, 8 гектар жерди егиске таярлап, оған әнар нәллерин ектим ҳәм өткен жылы олар өзиниң мийўесин берди. Нәтийжеси жаман емес, жетистирген өнимлеримизди Маңғыт ҳәм Нөкис дийқан базарларынан қарыйдарлар келип алып кетпекте. Бағымыздың мийўеси былтырғыдан тәўир, быйыл өткен жылғыдан көплеў өним аламызба деген ойымыз бар.

-2019-жылы 12 гектар жерге жүзимниң тайфи сортын егип, оларды агротехникалық қәделерге сай тәрбиялаўымыз нәтийжесинде, жылына дийдилегендей зүрәәт жетистирип келмектемиз,-дейди «Манғит омад савдо» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Азимжан Жумамуратов.-Өткен жылы бул жүзим бағынан 180 тонна өним алып, соның 140 тоннасын сырт еллерге экспорт еттик. Жүзимлеримиз август айында толық писип, терим жумысларын баслаймыз.

Буннан соң пресс-тур қатнасыўшылары Елликқала районындағы «Атахан Рейимов» көп тармақлы фермер хожалығында болды.

8 гектар егислик жерге ийе бул фермер хожалығы тек ғана бағшылық пенен шуғылланбастан, ал, шарўашылық пенен де шуғылланады.

-2012-жылы 3 гектар жерге жүзим, 3 гектар жерге алма, алмурт, шабдал, ерик, қәрели тереклериниң нәллерин егип, олардан мол өним алып келмектемиз,-дейди хожалық баслығы Атахан Рейимбаев.-Соның менен бирге, хожалығымызда 30 бас қарамал, 100 ден аслам қой-ешкилер күтимли бағылмақта. Алдағы ўақытлары жаңа мийўе ҳәм жүзим нәллерин егип, шарўа малларының бас санын көбейтиў ҳәм халқымызды сапалы сүт ҳәм гөш өнимлери менен тәмийинлеўди мақсет еткенбиз.

Әлбетте, аймақларда алып барылып атырған бундай ийгиликли ислер, халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеп қоймастан, аўылларда жаңа жумыс орынларының ашылыўына себепши болады. Бул бағдардағы унамлы ислер бүгинги күни пүткил республикамыз бойлап даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

М. Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.