Ашық пикирлесиўлер даўам етпекте

77

Мәмлекетимизде халық пенен ашық пикирлесиўди жолға қойыў, түрли тараўларда жүзеге келип атырған машқалаларды орынларда үйренип, оларды жедел шешиўге қаратылған жумыслар барған сайын күшейип бармақта. Әскерий хызметти өтеп атырған шахслар ҳәм олардың жақынларына социаллық жәрдем бериў, бәнтлик мәселесинде әмелий қатнас үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Усы мақсетте Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен Беруний районында жайласқан “Мәлимлеме-китапхана орайы”ның мәжилислер залында ғалабалық көшпели қабыллаў ҳәм бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Бул илажда Беруний районы Айрықша жағдайлар ҳәм Қорғаныў ислери бөлимлеринде хызмет етип атырған әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм жергиликли пуқаралар қатнасты,-деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Қабыллаў процесинде жәми 16 мүрәжат дизимге алынды. Олардың 11 и усы жердиң өзинде шешилди, 4 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди. Қалған 1 мәселе болса жуўапкер шөлкемлерге жиберилди.

Мийнет ярмаркасында болса 80 нен аслам бос жумыс орынлары қатнасыўшылар итибарына усынылды. Нәтийжеде, 3 әскерий хызметкердиң өмирлик жолдасы өз қәнигелиги бойынша жумысқа жоллама алды ҳәм олардың бәнтлиги тәмийинленди.

Бундай илажлар арқалы пуқаралардың машқалаларын орнында шешиў, ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мақсетлер әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги