Заман менен үнлес кәсиплер

134

Заманагөй дүнья өзгериўшеңлиги ҳәм жеделлиги менен ажыралып турады. Ҳәр бир тараўдағы инновациялар, технологиялық жетискенликлер ҳәм социаллық талаплар нәтийжесинде мийнет базары кескин жаңаланбақта. Ҳәзирги дәўирде заманагөй кәсиплер жәмийеттиң барлық қатламларына терең тәсир көрсетип атырғанын бийкарлап болмайды. Бул кәсиплер тек ғана пул табыў қуралы емес, ал жеке потенциалды жүзеге шығарыў, жәмийетте социаллық өзгерислер ислеў ҳәм глобал машқалаларға шешим табыў қуралына айланған. Енди қәнигеликлер тек ғана базар талабы емес, ал жәмийетлик сана менен де өз-ара тығыз байланыста қәлиплеспекте.

Заманагөй кәсиплердиң пайда болыўына бир неше күшли факторлар себеп болды.

Жана технологиялардың пайда болыўы нәтийжесинде адамлардың ислеў, жасаў ҳәм өз-ара байланысыў усылы кескин өзгерди. Өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм күнделикли турмысқа жасалма интеллект, автоматластырыў, интернет, мобиль қурылмалар, санлы системалар, робототехника сыяқлы жаңа технологиялардың енгизилгени турмыс тәризин де пүткиллей өзгертип жибермекте. Қалаберди, бул система қәнигелери мийнет базарында оғада талапкер.

Жумыс ҳәм офис түсиниклери де өзгерди. Адамлар өзине сәйкес жумыс усылын таңлай баслады. Буннан тысқары, ҳәзирги заманагөй кәсиплер арқалы фрилансерлик жумыс усылы және де раўажланды. Яғный, инсан күнди тек ғана бир жумыста өткермейди ҳәм бир неше шөлкемлер менен биргеликте ислеўи мүмкин.

Ҳәзир заманагөй кәсиплерди үйрениў даўамлылығы да қысқа мүддетти қурайды. Инсанда қунт ҳәм ҳәрекет болса, бул кәсиплерди 6-12 ай даўамында үйренип, әдеўир дәрамат табыўы мүмкин.

SMM (Social Мediа Маrketing) менеджерлерин ҳәзирги дәўирдиң социаллық коммуникация инженерлери деп айтыў мүмкин. Олар шөлкем, бренд яки шахс имиджин көпшиликке қандай көринисте жеткериўди стратегиялық режелестиреди. SММ қәнигелери маркетинг ҳәм PR тараўларына жаңа нәпес алып кирип, түрли мәмлекетлик уйымлар, жеке меншик компаниялар ҳәм социаллық жойбарлар ушын шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Олар арқалы сиясий, экологиялық ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы мәлимлемелер тез, заманагөй ҳәм жанлы түрде жеткериледи.

Таргетолог – социаллық тармақларда анық аудиторияны таўып, оларға реклама көрсететуғын қәниге. Олар өнимди туўры аудиторияға анық алгоритм арқалы жеткерип, саўда нәтийжелилигин арттырады.

Тек ғана фейсбук ямаса инстаграм рекламалары арқалы дурыс гөзленген аудиторияға мүрәжат еткен брендлердиң саўдасы орташа 27 процентке артқаны анықланған. Бул кәсип ўәкиллери – көзге көринбейтуғын, бирақ ҳәр бир социаллық тармақ пайдаланыўшысының қарарына тәсир етип атырған “сөзсиз саўдагерлер.”

Мобилография – бул смартфонлар арқалы профессионал дәрежеде видео ҳәм фото контент жаратыў усылы. Әсиресе, реклама, музыкалық клиплер, қысқа метражлы ҳүжжетли фильмлер ҳәм ТикТок, инстаграм релс контентлери ушын мобилографлар хызметине талап кескин артты. Мобилография бүгин тек ғана дөретиўшилик тараў емес, ал бизнес, туризм, билимлендириў ҳәм медицинада да кеңнен қолланылмақта. Әпиўайы телефон камерасы арқалы профессионал визуал контент жаратыў имканияты жаңа әўлад дөретиўшилерин қәлиплестирди.

Мобилографлар жәмийеттиң эстетикалық ой-пикирин қәлиплестиреди, ҳақыйқатлықты “жанлы” көрсетеди ҳәм информацияны нәтийжели жеткереди. Олар заманагөй маркетинг, брендинг ҳәм социаллық тармақларда “визуал гүрриң” қуралына айланған.

Олардың жумыс искерлиги тек ғана экономикаға емес, ал билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәмлекетлик басқарыў, ҳәттеки көркем өнер тараўларына да терең тәсир көрсетпекте.

IT қәнигелери – бул программистлер, веб-сайт ислеп шығыўшылар, система администраторлары, мағлыўматлар аналитиклери. Олар бүгинги жәмийетти санлы тийкарда басқаратуғын тийкарғы күш болып есапланады.

Технология, дөретиўшилик ҳәм социаллық жуўапкершиликти өзинде бирлестирген бул кәсиплер Өзбекстанның заманагөй раўажланыўы ушын да таяныш үстинлик болып атырғаны бийкарлап болмайтуғын ҳақыйқат.

Санлы тараўлар бойынша жаслар ушын көплеген имканиятлар жаратылмақта. 2024-2025-жылларда Ташкент қаласында “SММ мектеби,” Жаслар ислери агентлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте “Пайтахттың SММши қызлары” жойбары ислеп шығылды. Бул жойбар арқалы 1000 қыз 100 процент грант тийкарында SММ ҳәм мобилография кәсиплерин үйренди. Бул тек ғана кәсипке ийе болыў емес, ал ҳаял-қызлардың санлы экономикаға белсене қатнасыўына тийкар жаратты.

Елимизде заманагөй кәсиплерди қоллап-қуўатлайтуғын көплеген таңлаў ҳәм сыйлықлар да бар. Соның ишинде, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықта соңғы жыллары мәлимлеме технологиялары бойынша айрықша номинация ажыратылғаны бийкарға емес. Бул арқалы IТ бағдарындағы қәбилетли қызлар да хошаметленбекте.

Бүгинги заманагөй кәсиплер тек ғана тиришилик қуралы емес, ал жәмийеттеги жәмийетлик сананы, мәдений трендлерди, экономикалық ҳәрекетти қәлиплестириўши күшли факторлар болып есапланады. Бул кәсиплер арқалы жаслар тек ғана өз потенциалын жүзеге шығарып қоймастан, жәмийетте пикир жеткериўши, өзгерислердиң жетекшисине айланбақта.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА