Ең шетки аймақлар да итибардан шетте қалмады

Мәҳәллелердеги шаңарақлық поликлиникалар, олардағы патронаж хызметлер ҳәм профилактикалық тексериўлердиң барлығы кеселликлерди ерте анықлаў, алдын алыў ҳәм емлеўде шешиўши әҳмийетке ийе. Әсиресе, балалардың саламатлығына итибар қаратыў, оларды ерте медициналық тексериўден өткериў, зәрүр жағдайларда қәниге жәрдемине жибериў – келешек әўладтың саламат өсиўинде әҳмийетли фактор есапланады.
Хожели районлық медицина бирлеспеси, көп тармақлы поликлиникасының тар тараў қәнигелери ҳәм шаңарақлық шыпакерлери тәрепинен усы районның ең шетки аймақларының бири Қумбыз мәкан пуқаралар жыйынында медициналық тексериўлер өткерилди.

Бул мәкан пуқаралар жыйынындағы халық саны 1400ге шамалас. Соннан 736 сы 18 жасқа шекемги балалар болып есапланады. Сондай-ақ, 492 си туўыў жасындағы ҳаяллар.
Медициналық тексериў шеңберинде 237 пуқара медициналық тексериўден өткерилди. Олардың 51инде ҳәр қыйлы кеселликлер анықланды. Соннан 46 наўқасқа амбулатор, 4 балаға стационар емлениўине жоллама берилди, 1 бала республикалық балалар гематологына консультацияға жиберилди.

Сондай-ақ, пуқараларға дурыс аўқатланыў, физикалық белсендилик, жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы бойынша мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.