Шоманай районында киши ҳәм орта бизнес ўәкиллерине қолланылған салық жеңилликлери 173,9 процентке көбейген

100

Алдын хабар берилгениндей, салық тараўы басшылары ҳәм қәнигелериниң исбилерменлер қатарын және де кеңейтиў, жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған ушырасыўларда салық нызамшылығына байланыслы өзгерислер ҳәм жаңалықлар ҳаққында сөз етилип, жеке меншик сектор ўәкиллериниң бар машқала ҳәм усыныслары үйренилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының баслығы Х.Бекчановтың гезектеги ушырасыўы Шоманай районы ҳәкими, райондағы киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлери ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилди.

Ашық сәўбетлесиў тәризинде өткерилген бул ушырасыўда салық тараўындағы соңғы өзгерислер, атап айтқанда, Президентимиздиң усы жыл 19-марттағы “Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына муўапық исбилерменлик субъектлерине берилип атырған имканиятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Шоманай районында 985 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери (соннан, 659 микрофирма, 27 киши кәрхана, 443 жеке исбилермен) исбилерменлик пенен шуғылланып атыр. Районда бюджет дәраматларына 2024‑жыл ушын белгиленген 8,3 млрд. сум прогноз көрсеткиши жыл жуўмағы менен 8,4 млрд. сумға (101,7%) артығы менен орынланып, бюджетке қосымша 0,1 млрд. сум түсим тәмийинленди. Шоманай районында киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 2024‑жылы 18,3 млрд. сум салық тѳленип, бюджетке жәми түсимдеги үлеси 38,3 процентти қурады.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Салық кодекси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарар ҳәм пәрманларына муўапық ҳәм басқа да салық нызамшылығы хүжжетлерине тийкарланып, Шоманай районында 2023‑жыл даўамында 515 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 8,8 млрд. сумлық салық жеңилликлери қолланылған болса, 2024‑жыл даўамында 623 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 24,0 млрд. сумлық салық жеңилликлери қолланылып, бул көрсеткиш 173,9 процентке артты.

Бул қаржылар исбилерменлердиң өз ықтыярында қалдырылыўы нәтийжесинде кәрханалар тәрепинен исбилерменликти кеңейтиўге, жумысшылар санының артыўына ҳәм сол арқалы бәнтликке көмеклесиўге тийкар жаратпақта. Оның айқын дәлили сыпатында районда товар (хызметлер) реализациясы көлеми 117,3 млрд. сумға (37,9%), жумысшылар саны 3,4 мыңға (95,2%) көбейгенин атап өтиўимизге болады.

Илажда исбилерменлердиң салық жеңилликлерин қолланыў, есабат тапсырыў, банк ҳәм ҳәкимшилик жәриймалар менен байланыслы машқала ҳәм усыныслары тыңланып, унамлы шешиў илажлары көрилди.

Илаж соңында мәмлекетимиз экономикасы ҳәм жеке меншик сектордың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир топар үлгили салық төлеўшилерге миннетдаршылық билдирилип, естелик саўғалары тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.