Халықлар дослығы-тынышлық ҳәм абаданлық тийкары

Дослық ҳәм татыўлық үлкеси есапланған мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери тыныш-татыў, өз-ара аўызбиршиликте жасамақта. Елимизде 157 миллий мәдений орайы ҳәм 38 дослық жәмийетлери жумыс алып бармақта. Мәмлекетимиздеги билимлендириў шөлкемлеринде оқыў-тәрбия процесслери өзбек, қарақалпақ, рус, тәжик, қазақ, қырғыз ҳәм түркмен тиллеринде жүргизилип, олар мәмлекет есабынан сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда шөлкемлестирилген «Дослық үйлери»ниң жумыслары ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен усы мақсетлер ушын зәрүрли қаржылар қаратылып, түрли субсидия ҳәм грантлар ажыратылмақта.
Миллий мәдений орайлардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде, олар мәмлекет тәрепинен замонагөй техникалық үскенелер, музыкалық әсбаплар, мебельлер ҳәм миллий липаслар билан тәмийинленди.
Миллий мәдений орайлардың нәтийжели жумыс алып барыўы ушын ең көркем имаратлар ажыратылып, бул дәргайларда турақлы түрде улыўма миллий байрамлар, фестивальлар, концерт ҳәм ушырасыўлар, семинар ҳәм конференциялар өткерилмекте.

Соның ишинде, «Өзбекстан – улыўма үйимиз» деген ийгиликли идея барлық миллий мәдений орайлардың сүренине айланғаны дыққатқа ылайық. Бул жәмийетимизде ҳүким сүрип турған миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығы, тынышлық ҳәм парахатшылықтың айқын көриниси десек болады.
Пүткил дүньяда Халықаралық дослық күни деп қабылланған 30-июль сәнеси мәмлекетимизде ҳәр жыл сайын Халықлар дослығы күни сыпатында кеңнен белгиленип келмекте.
Бүгинги күни өзбек, қарақалпақ, қазақ, рус, түркмен, қырғыз, украин, беларусь ҳәм басқа да көплеген миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай тыныш-татыў жасап атырған Қарақалпақстанда да «30-июль-Халықлар дослығы күни» көтериңки руўхта белгиленип келинбекте.
Атап айтқанда, быйылғы байрам илажлары өзиниң көп әсирлик тарийхый қала ҳәм қорғанларына ийе Елликқала районында да «Өзбекстан бирден-бир Ўатан!» сүрени астында салтанатлы түрде белгиленип өтилди.

Республикамыздың ең пайызлы орынларының бири есапланған Ақшакөл туристлик комплексинде өткерилген бул Дослық фестивалына республикамыз ҳүкимети басшылары, барлық мәдений орайлардың белсендилери, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда ең дәслеп қатнасыўшылар миллий мәдений орайлар тәрепинен миллий липаслар, буйымлар ҳәм китаплар көргизбеси, райондағы санаат кәрханалары, кластерлер ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен ислеп шығарылып атырған жаңа өнимлердиң көргизбелери менен жақыннан танысты.
Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Миллетлер аралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет баслығы Қ. Сариевлер илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде халықлар дослығын беккемлеў ҳәм өз-ара татыўлықты тәмийинлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанын айтып өтти. Соның ишинде, дослық ҳәм парахатшылық үлкеси есапланған Қарақалпақстанда исленип атырған кең көлемли реформаларды мақтаныш пенен тилге алды.
Байрам кешеси республикамызға белгили мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған ана-Ўатан, оның ғәрезсизлиги ҳәм халықлар дослығын жырлаўшы йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Бундай байрам илажлары республикамыз бойлап даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.