Ветеринария ҳәм санитария-эпидемиология хызметлери арасындағы бирге ислесиў күшейтиледи

БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – ФАО Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм мәмлекеттиң барлық аймақларында район эпизоотологлары ушын тренинглер шөлкемлестирди.
Оқыў процеси “Орайлық Азияда “Бирден-бир саламатлық” қатнасы арқалы пандемияға таярлық көриў ҳәм жуўап илажлары” жойбары шеңберинде әмелге асырылды.

ФАО мәлимлеме хызметиниң ӨзАға мәлим еткениндей, бул бағдарлама шеңберинде мәмлекет бойлап 300 ден аслам эпизоотологты оқытыў режелестирилген. Бүгинги күнге шекем 250 ден аслам қәниге әмелий көнликпе ҳәм билимлерге ийе болған.
Тараўда бақланатуғын кеселликлерди қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў тек ғана санитариялық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги көзқарасынан емес, ал миллий экономика ушын да стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтиў керек. Эпидемиологиялық бақлаўдың исенимли системасы шарўашылық тараўына инвестиция тартыў, жергиликли өнимлердиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм жаңа халықаралық базарларға шығыўға жәрдемлеседи.

Буннан тысқары, эпидемиологиялық бақлаў жумысын әмелге асырыў ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў Өзбекстанның Дүнья ҳайўанлар саламатлығы шөлкеминиң нормаларына муўапық, айырым қәўипли кеселликлерден жырақ мәмлекет статусын алыўы ушын тийкар жаратады.
Бундай статус саўда шериклериниң исенимин арттырады ҳәм сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиўге хызмет етеди. Сонлықтан, тренингтиң тийкарғы мақсети – зооноз кеселликлер ошақларын ерте анықлаў ҳәм жуўап бериў системасын беккемлеў, ветеринария ҳәм санитария-эпидемиология хызметлери арасындағы бирге ислесиўди күшейтиўден ибарат болды.

Бул баслама Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығы тараўларының турақлылығын беккемлеўге қаратылған кең көлемли стратегияның әҳмийетли бөлеги болып есапланады.
ӨзА