Халыққа қолайлы медициналық хызмет жақынласпақта

142

Аўыллық жерлерде халықты сапалы медициналық хызмет пенен тәмийинлеў – жәмийетти раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларынан бири. Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжеси сыпатында Төрткүл районында және бир қолайлық жаратылды.

Районның “Ақбаслы” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 43-санлы шаңарақлық поликлиника көп ўақыттан берли жергиликли халыққа медициналық хызмет көрсетип келмекте. Бирақ аўыл орайынан 7 км узақлықта жайласқан 9, 10 ҳәм 11-бөлимлерде жасаўшы пуқаралар ушын бул поликлиникаға жетип барыў белгили бир қыйыншылықлар туўдыратуғын еди.

Бул машқаланы шешиў мақсетинде жергиликли пуқаралар тәрепинен өз алдына медициналық пункт ашыў бойынша мүрәжат етилди. Бул усыныс “Өзбекстан темир жоллары” акционерлик жәмийетиниң қәўендерлигинде әмелге асырылды. 24-санлы улыўма билим бериў мектебиниң бос турған ханалары толық оңланып, күндизги емлеўге мөлшерленген жаңа мәҳәлле медицина пункти шөлкемлестирилди.

Жаңадан ашылған медицина пунктинде бир шыпакер ҳәм үш патронаж мийирбийкеси жумыс алып барады, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Медицина пунктиниң ашылыў мәресиминде район ҳәкими И.Худайбергенов қатнасып, мәҳәлле халқын усы әҳмийетли жаңалық пенен қутлықлады.

Халық тәрепинен бул баслама жоқары баҳаланып, қәўендер шөлкем ҳәм жуўапкерлерге шын жүректен миннетдаршылық билдирилди.

Мәҳәлледе медициналық пункттиң шөлкемлестирилиўи тек ғана халықтың денсаўлығын қорғаў емес, ал олардың турмыс сапасын арттырыўға хызмет етеди. Бундай әмелий қәдемлер орынлардағы социаллық турақлылық ҳәм халықтың разылығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги