Жас шахматшыларымыз Орайлық Азия чемпионатында жетекшилик етпекте

Усы күнлерде Қырғызстанның Шолпан-Ата қаласында шахмат бойынша 18 жасқа шекемги жаслар арасында гезектеги Орайлық Азия чемпионаты жарыслары даўам етпекте.
10 жасқа шекемги қызлар арасындағы беллесиўлерде жеңимпазлық ушын гүресип атырған қәбилетли шахматшы қызымыз Меҳрибону Назирқулова ақ даналарда қырғызстанлы Алия Темирбекованы жеңип шықты ҳәм мүддетинен алдын чемпионаттың алтын медалын қолға киргизди.

Бүгин, 28-июль күни сыйлық қоры 12 мың АҚШ долларынан ибарат жарыстың шешиўши 9-тур беллесиўлери болып өтеди. Онда спортшыларымыз өз жас категориялары бойынша сыйлы орынлар ушын гүрести даўам еттиреди.

9-тур ойынлары алдынан 10 жасқа шекемги шахматшы қызлар жарысында және бир жерлесимиз Робияхон Шапохатова 5 очко менен 4-орында, Фазлиддин Фарҳодов 8 жастағылар арасында 6 очко менен 3-орында, Жаҳонгир Дилмуродов 12 жастағылар арасында 6 очко менен 3-орында, Абдуқодир Баҳодиров, Алишер Абдуқаюмов, Темур Шавкатов 14 жастағылар арасында 6 очко менен жетекшилик етпекте.
Тўлқин Рўзиев, ӨзА