28-июль – Халықаралық гепатитке қарсы гүресиў күни

102

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, ҳәр жылы дүнья бойлап 1,2 миллион адам гепатит В вирусы, 1 миллион адам болса гепатит С вирусы менен кеселленеди. Ең ашынарлысы, бул вируслар себепли ҳәр жылы 1,3 миллион адам қайтыс болмақта. Бул көрсеткиш ҳәтте АИВ/АИЖС ҳәм безгектен келип шығатуғын өлимлерден де жоқары.

Гепатит – бул тек емлеўханаларда шешилетуғын машқала емес, бәршемиздиң улыўма жуўапкершилигимиз. Бүгинги күн бизден бирлесиўди, бир-биримизге ғамхор болыўды ҳәм ең әҳмийетлиси, өзимизди ҳәм жақынларымызды денсаўлыққа байланыслы қәўиплерден қорғаўды талап етеди.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети ҳәм Республикалық вирусология илимий-әмелий медицина орайының басламасы менен таярланған арнаўлы видеоқолланба бул тараўдағы билим ҳәм әмелий усынысларды өз ишине алған.

Онда гепатиттиң түрлери, жуғыў жоллары, алдын алыў усыллары ҳәм заманагөй емлеў имканиятлары ҳаққында толық мағлыўмат бериледи. Бийпәрўалықтан сақланыў ҳәм турмыс тәризимизди қайта көрип шығыўға шақырады.

Профилактика – ең күшли қурал есапланар екен, видеоқолланбаны әлбетте, тамаша етиң. Жақынларыңыз ды да көриўге тартың.

М.Қосимова тайёрлади, ӨзА