Россия ҳәм Украина делегациялары ушырасыўының перспективаларына баҳа берилди

76

Түркия сыртқы ислер министри Хоқон Фиданның айтыўынша, Стамбулдағы сөйлесиўлерде Россия ҳәм Украина делегациялары улыўма келисимге ерисиў тилегинде, сөйлесиўлер усы пәтте даўам етсе, жақын келешекте келиспеўшиликке ўақытша шешим табыў мүмкин болады.

Оның сөзлерине бола, делегациялар мәмлекетлер жетекшилериниң ушырасыўы зәрүрлиги бойынша “фундаментал келисимге” ерискен, бирақ Россия да, Украина да бул мәселеге ҳәр қыйлы позициялардан қатнас жасайды.

– Ҳәзирги ўақытта пикирлесиўлер бираз төмен дәрежеде өтип атырған болса да, мен олардың улыўма келисимге ерисиў тилегин көремен, – деди Фидан “НТВ” телеканалына берген интервьюинде.

Алдынырақ, украиналы рәсмий Рустам Умеров Украина басшысы Владимир Зеленский ҳәм РФ президенти Владимир Путин арасындағы ушырасыўды август айының ақырына шекем өткериўди усыныс еткен еди. Москва болса биринши гезекте бундай ушырасыў мазмунын пуқта таярлаўды талап еткени ҳаққында хабар берген еди.

Мағлыўмат орнында, Россия Федерациясы ҳәм Украина делегациялары арасында сөйлесиўлердиң үшинши раунды сәршемби күни Стамбулда болып өтти ҳәм бир саатқа шамалас даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги