Жеткерилген зыянды қаплаў тараўындағы қатнасықлар тәртипке салынады

122

Нызам жойбарына түсиник

Мәмлекетлик уйымның ямаса оның лаўазымлы шахсының нызамға қайшы қарары ямаса ҳәрекети ямаса ҳәрекетсизлиги себепли жеткерилген зыянды қаплаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған нызам жойбары парламенттиң төменги палатасы тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилген еди. Ҳәзирги ўақытта нызам жойбары екинши оқыўға таярланбақта.

Онда нәзерде тутылып атырған нормалар ҳаққында Нызамшылық палатасының депутаты Гулшана Худоёрова толық мағлыўмат берди:

– Ҳәзирги күнде мәмлекетлик уйымлардыӊ лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы қарарлары нәтийжесинде жеткерилген зыянды қаплаў бирден-бир нызамшылық ҳүжжети менен тәртипке салынбаған. Атап айтқанда, жеткерилген зыянның орнын қаплаў 10 нан аслам нызамлар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен тәртипке салынады.

Зыянларды бюджет ҳәм басқа да дәреклер есабынан қаплаўдың бирден-бир әмелияты жоқ. Әмелде Ташкент қаласында зыянлар пуқараларға (юридикалық тәреплерге) Компенсация қорлары есабынан, басқа аймақларда болса жергиликли бюджет қаржыларынан өндирип берилген. Сондай-ақ, жеткерилген зыянлар ушын компенсация өндириў, соның ишинде зыянды қаплаўдың регресс тәртиби нызам ҳүжжетлеринде анық ашып берилмеген.

Усы мақсетте нызам жойбары менен жеткерилген зыянның орнын компенсациялаў, аймақлық компенсация қоры есабынан қаплап берилген қаржыларды кейин ала айыпкер деп табылған мәмлекетлик уйымның лаўазымлы шахсынан толық муғдарда регресс тәртибинде өндирип алыў, аймақлық компенсация қорының қаржыларын қәлиплестириў тәртиби белгиленбекте.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде депутатларымыз тәрепинен жумысшы топарымызға көплеген усыныс ҳәм наразылықлар келип түсти.

Нәзерде тутылып атырған нормалар нәтийжесинде инсан ҳуқықлары тәмийинленетуғынын атап өтиў орынлы. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен жеткерилген зыян қапланады. Айыпкер лаўазымлы шахсларды белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыўға тийкар болып хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова жазып алды.

ӨзА