“Аўыр категориядағы” жаслардың машқалалары үйренилди

Соңғы жылларда пуқараларымызды, әсиресе, жасларды қыйнап атырған мәселелерге шешим табыў бойынша депутатлар, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары да жуўапкершиликти өз мойнына алып, нәтийжеде бир қатар мәселелерге шешим табылмақта. Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине Хожели районынан бириктирилген “аўыр категориядағы” жаслардың машқалалары да усылай шешилмекте.

Хожели районы ҳәкиминиң жаслар мәселелери бойынша орынбасары, Әмиўдәрья, Қумжыққын, Күн нуры ҳәм Саманкөл мәҳәллелериниң жаслар жетекшилери менен биргеликте Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине бириктирилген жәми 67 “аўыр категориядағы” жаслардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ушырасыў өткерилди.

Тийкарғы мақсет – жасларымызды қыйнап атырған машқалаларды қысқа ўақыт ишинде сапластырыў, олардың усыныс ҳәм идеяларын әмелге асырыў, жумыс пенен тәмийинлеў, дәраматқа ийе болыўына жәрдем бериўден ибарат.
Ушырасыўда жаслар жетекшилери менен биргеликте 6 жасқа жеңиллетилген кредитлер ажыратылды, 3 жастың өзин-өзи жумыс пенен тәмийинлеўи шөлкемлестирилип, 1 жас қысқа мүддетли әскерий хызметке жибериўге келисилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.