Ишимлик суў менен тәмийинлеўди жақсылаў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

“Қарақалпақ суў тǝмийнаты” акционерлик жәмийетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилип, онда тараў басшылары халықты ишимлик суўы менен тǝмийинлеў ҳǝм канализация хызметлерин көрсетиў бойынша 2024-жылда жәмийет тәрепинен алып барылған жумыслар, 2025-жылда ислениўи тийис болған ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамызда жасап атырған жǝми 2 миллионнан аслам адамның 74,2 проценти орайластырылған ишимлик суўы менен тǝмийинленген. Қалған 25,8 проценти альтернатив ишимлик суў дереклеринен пайдаланады.

Республикамызда 311 суў тазалаў қурылмасы бар. Сондай-ақ, 7,9 мың километрлик ишимлик суў тармақлары болып, соннан, 1,1 мың километрлик бөлегиниң (13,9%) тозыўы жеткен жағдайда.
Жǝмийет тәрепинен халыққа тийкарғы 3 суў тазалаў қурылмасы арқалы ишимлик суўы жеткерилип бериледи. Соннан, “Түйемойын” суў тазалаў қурылмасының қуўатлығы 140 мың м3 /сутка, “Тақыятас” суў тазалаў қурылмасының қуўатлығы 60 мың м3/сутка болып, оның қуўатлылығын суткасына 120 мың м3.қа жеткериў бойынша жойбарлаў жумыслары ǝмелге асырылмақта.
Үшиншиси Нөкис қаласының тийкарғы ишимлик суў дереги болған “Нөкис” суў тазалаў қурылмасында бүгинги күнде республика бюджети қаржылары есабынан қуўатлығын суткасына 65 мың м3.тан 90 мың м3.қа жеткериў бойынша қурылыс жумыслары ǝмелге асырылмақта.
Республикамыз бойынша ақаба суў шығарыў хызмети (канализация) менен тǝмийинленгенлик дǝрежеси 5,4 процентти қурайды.

Нөкис қаласы, Беруний, Қанлыкөл, Мойнақ, Тақыятас ҳǝм Шымбай районларында 80 дана ақаба суў қурылмалары ҳǝм 223,2 километрлик канализация тармақлары бар.
Бүгинги күнде жǝмийет 259 мың 635 абонентке хызмет көрсетип келмекте.
2024-2025-жылғы гүзги-қысқы мǝўсимге таярлық көриў мақсетинде, жәми 45,2 километрлик ишимлик суў тармақлары, суў қурылмаларындағы 71 насос агрегатларында ири хǝм киши оңлаў жумыслары алып барылғанының нǝтийжесинде 17 мәҳәлледеги 237 хожалықта жасаўшы 1152 пуқараның ишимлик суў тǝмийнаты жақсыланды.
Гүзги-қысқы мәўсимде системаның турақлы ислеўин тǝмийинлеў, тармақларда жүзеге келген авариялық жағдайларды қысқа ўақытта сапластырыў мақсетинде қала, районлардағы Суў тǝмийнаты филалларында жǝми 84 жумысшы хызметкер ҳǝм 25 арнаўлы автотранспорт механизмлерден ибарат 21 авария-тиклеў бригадалары шөлкемлестирилип, 24/7 режиминде хызмет көрсетип келмекте.

Халқымыздың ишимлик суў тǝмийнатын және де жақсылаў бойынша 2024-жылы республикалық ҳǝм жергиликли бюджет қаржылары есабынан улыўма жойбар баҳасы 173,1 млрд. сумлық, жǝми узынлығы 147,2 километрлик ишимлик суў ҳǝм канализация тармақлары, 24 дана суў қурылмаларын жаңадан қурыў ҳǝм реконструкциялаў жумыслары ǝмелге асырылып, нǝтийжеде аймақлардағы 23 мәҳәллениң ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды ҳәм итибарлысы 1850 хожалықта жасаўшы 10,2 мың адам биринши мǝрте ишимлик суў менен тәмийинленди. Усы жойбарлар шеңберинде мǝмлекетимиз тǝрепинен бийпул 1692 үйге ҳәм хожалықларға суў есаплағышлары орнатылды.
– Президентимиздиң 2024-жыл 24-декабрьдеги ПҚ-454-санлы қарарына муўапық, жойбар баҳасы 39,5 млрд. сумлық, узынлығы 83,9 километрлик ишимлик суў тармақлары ҳǝм 7 суў тазалаў қурылмаларын реконструкциялаў, жаңадан қурыў белгиленген,-дейди “Қарақалпақ суў тǝмийнаты” АЖ баслығының орынбасары Б.Матмуратов.
Бүгинги күнде жылдан-жылға өтиўши 5 объектте қурылыс-монтажлаў жумыслары ǝмелге асырылмақта, қалған 5 объекттиң жойбар смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, жумысты бөлип алып ислеўши кǝрханаларды анықлаў мақсетинде тендер саўдаларына шығарылды.

Президентимиздиң 2019-жыл 9-апрельдеги ПҚ-4271-санлы қарарына муўапық, “Азия раўажландырыў банки” (АБР)ниң қатнасыўында жойбар баҳасы 172,3 млн. долларлық жойбарды 2021-2025-жылларда әмелге асырыў белгиленген.
Жойбар тийкарында “Түйемойын” суў тазалаў қурылмасын (қуўатлылығы суткасына 140,0 мың м3), “Тақыятас” суў тазалаў қурылмасын (қуўатлылығы суткасына 120,0 мың м3) реконструкциялаў ҳǝм “Манғыт” суў тазалаў қурылмасын жаңадан қурыў (қуўатлылығы суткасына 40,0 мың м3) жумысларын ҳǝм республикамыздың 6 районында (Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Мойнақ ҳǝм Нөкис районлары) жǝми узынлығы 1236 километрлик ишимлик суў тармақлары менен 26 ишимлик суў тазалаў қурылмаларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларын ǝмелге асырыў режелестирилген.
Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 21-сентябрьдеги 486/9-санлы қарарына муўапық “Жәҳән банки”ниң қатнасыўында жойбар баҳасы 78,0 млн. доллар болған «Нөкис, Тақыятас қалалары ҳәм Хожели районы орайында ақаба суў системасын реконструкциялаў» жойбары 2023-2027-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген.
Жойбар тийкарында Нөкис, Тақыятас қалалары ҳәм Хожели районы орайында улыўма қуўатлылығы суткасына 45,2 мың м3 болған 3 ақаба суў тазалаў қурылмасын қурыў, 28 ақаба суў насос станцияларын ҳǝм 142,3 километрлик ақаба суў тармақларын қурыў, реконструкциялаў нǝзерде тутылған.
Жойбар нǝтийжесинде 98,8 мың адамға ақаба суў хызметин көрсетиў жақсыланады.
Бүгинги күнде «Жойбарлаў ҳәм тендер хүжжетлерин ислеп шығыў» бойынша Posch & Partners Consulting Engineers (Австрия) компаниясы тәрепинен жойбарлаў жумыслары алып барылмақта.
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.