Ыссыхана гүзги ҳәм қысқы мәўсимге таярланбақта

85

Шымбай районы Тағжап аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Агро олам Чимбой” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 1 гектар 70 сотых жерде ыссыхана шөлкемлестирип,  бүгинги күнде ишки базарларымызды тәмийинлеў мақсетинде помидор, қыяр ҳәм болгар бурышын жетистирмекте.

Ҳәзирги ўақытта 70 сотых майдандағы қыяр өними жыйнап алынып,  екинши мәўсимге егиў ушын таярланбақта. ЖШЖ ның жәми 2 гектар 20 сотых жер майданы болып, 50 сотыхқа асқабақ ҳәм ғарбыз егилген.

Ыссыханада 10 адам турақлы жумыс пенен бәнт, мәўсимде және 20 жумысшы ислейди. Жәми 30 адам жумыс пенен тәмийинленген. Жумысшыларға айлықлары өз ўақтында берилип, ыссы аўқат пенен тәмийинленген.

-Ыссыханамызда жетистирген палыз өнимлеримизди ишки базарға жеткерип берип атырмыз. Бәҳәрги мәўсимде 150 тонна қыяр, 25 тонна помидор алған болсақ енди және қосымша он, он бес тонна помидор,  30, 40 тонна қыяр  жыйнап алыўды режелестирип отырмыз. Сондай-ақ, ыссыхананың бир бөлегине гүзги қыяр егиў ушын жерди таярлап атырмыз. Ҳәзирги ўақытта он бес шаңарақты жумыс пенен тәмийинлеп, жергиликли пуқаралардың бәнтлигин тәмийинледик. Сондай-ақ, қысқа теплицаны кеңейтип, котёл қурыў ушын таярлық жумысларын алып барып атырмыз ҳәм сол арқалы халқымызға қыстың күнлери палыз өнимлерин жеткерип бериў менен бирге, қосымша жумыс орынларын жаратпақшымыз,-дейди ыссыхана агрономы Атамурат Усманов.

Палыз өнимлерин халыққа жеткерип бериўде жумыс алып барып атырған  жәмийет жумысшылары пал ҳәррелерин бағып, оннан таза пал алыў ислери менен де шуғылланбақта. Бүгинги күнде 50 қуты пал ҳәрресине күтими берилип, оннан да қосымша дәрамат алыў ислери режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги