Қостамдағы мектеп заманагөй түрге енбекте

– Билимлендириў ҳәм тәрбия – бул бизиң келешегимиз, өмир-өлим мәселеси. Сол себепли, бул тараўдағы реформаларды кешиктириўге ҳақымыз жоқ.
Қаншелли қыйын болмасын, мектеп билимлендириўинде тырнақты бүгиннен беккем қойыўымыз керек. Себеби, биз көп ўақытты жоғалттық.
Егер кимдур мектеп бул тек ғана Халық билимлендириў министрлигиниң жумысы, деп ойласа, пүткиллей қәтелеседи.

Мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалар министрликлер ҳәм уйымлар, тармақ басшылары, барлық дәрежедеги ҳәкимлер, илимий шөлкемлер, зыялылар, кең жәмийетшиликтиң ўазыйпасы болыўы шәрт ҳәм зәрүр. Сонда ғана күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин, – деген еди мәмлекетимиз Президенти Ш.Мирзиёев.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, республикамыздағы барлық мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери заманагөй түрге енип, олар барлық зәрүрли әсбап-үскенелер менен тәмийинленбекте.
Усындай мектеплер қатарында Қараөзек районындағы академик Сабыр Камалов аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби болып табылады. 158 оқыўшы оқып билим алатуғын бул дәргайда, мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы бойынша ҳәзирги ўақытлары 4 млрд 400 млн сум болған капитал реконструкция жумыслары алып барылмақта.

-Мектебимиз жыйын орайына узақ болғанлықтан, бул жерде Оразбай аўыл, Сайман аўыл, Қостам аўыл ҳәм Даўлыкөл елатларында жайласқан хожалықлардың балалары оқыйды,-дейди мектеп директоры Қазақбай Оразбаев.-Оларға 27 муғаллим билим берип келмекте. 2024-жылдың биринши мәўсиминде «Ашық бюджет» порталы арқалы 364 млн сум қаржы утып алып, мектебимизге 16 электрон тахта, оқыўшыларды кәсипке бағдарлаўшы 2 тигиў машинасы, ер балалар ушын ҳәр қыйлы әбап-үскенелер, 2 проектор, муғаллимлер ҳәм директор ханасы ушын ҳәр түрли мебел ҳәм әнжамлар сатып алынды. Сондай-ақ, мектебимизде оқыўшылардың спорт пенен шуғылланыўы ушын шараятлар төмен еди. Сонлықтан елимиз басшылары бул мәселеге айрықша итибар қаратып, быйылғы жылы мектебимизди мәмлекетлик инвестиция бағдарламасына киргизди. Әлбетте, келешегимиз ийелерине көрсетилип атырған бундай ғамқорлықлар ертеңги күни өзиниң унамлы жемисин береди деп ойлайман. Сонлықтан ҳүрметли Президентимизге аўыл жасларына көрсетип атырған аталарша ғамқорлығы ушын үлкен рахмет айтаман.

«Қызкеткен махсус қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен қурылыс жумыслары жүргизилип атырған бул объектте, ҳәзирги күнлери трансформатор ҳәм класс есиклери жаңадан орнатылып, сыртқы дийўалларына базальт басылды. Спорт залдың металл конструкциялық жумыслары жүргизилип, мектепке жылытыў системаларын қурыў ҳәм электр тармақларын жаңалаў, өрт қәўипсизлигине қарсы гүресетуғын арнаўлы суў гидрантларын орнатыў ислери әмелге асырылмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.