Европа Кеңеси Президенти Өзбекстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлады

330

Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ атына қутлықлаўлар келиўин даўам етпекте:

Ҳүрметли Президент!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизге өзимниң ең жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.

Сондай-ақ, туўылған күним мүнәсибети менен жоллаған хатыңыздағы жақсы тилеклериңиз ушын терең миннетдаршылығымды билдирмекшимен.

Пурсаттан пайдаланып, Самарқандта болып өткен “Европа Аўқамы – Орайлық Азия” биринши саммитиниң табыслы өтиўин тәмийинлеўдеги шешиўши ролиӊиз ушын Сизге өз миннетдаршылығымды билдириўге рухсат еткейсиз. Бул әҳмийетли саммит Халықаралық климат форумы менен биргеликте Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия арасындағы стратегиялық шерикликте, Өзбекстан Республикасы менен еки тәреплеме қатнасықларымызда жаңа ҳәм әҳмийетли бет ашты. Сизиң басшылығыңызда бизге көрсетилген уллы ҳәм итибарлы миймандослық барлық қатнасыўшылар тәрепинен жоқары баҳаланды ҳәм ҳақыйқый умытылмас ҳәм мазмунлы Саммиттиң табыслы өтиўине хызмет етти.

Енди келешекке исеним ҳәм күш-ғайрат пенен қараймыз. Европа Аўқамының “Глобал дәрўаза” стратегиясы шеңберинде инновациялар, “жасыл” энергетика, әҳмийетли материаллар, транспорт ҳәм логистика, санластырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм өз-ара байланыслылық сыяқлы тийкарғы тараўларды қамтып алған улыўма күн тәртиби терең бирге ислесиў ҳәм пуқараларымыз ушын сезилерли нәтийжелерге беккем тийкар жаратады. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстанның көп тәреплемели бирге ислесиўи, әсиресе, климат тараўындағы глобал мақсетлерди алға қойыў, мәмлекетиңиздиң турақлы раўажланыў ҳәм регионаллық қарым-қатнас мәселелериндеги жетекшилиги ушын Европа Аўқамы атынан терең миннетдаршылық билдиремен.

Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықларда және бир әҳмийетли басқышты баслап беретуғын Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыў ушын Сизди Брюссельде қутлықлаў имканиятын асығып күтемен. Ушырасыўымыз стратегиялық қарым-қатнасымызды даўам еттириў, сондай-ақ, улыўма қәдириятлар ҳәм улыўма мақсетлер тийкарында қурылған шерикликти алға қойыў жолында бирге ислесиў ушын қолайлы имканият жарататуғынына исенемен.

Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Ҳүрмет пенен,

Антониу Кошта,

Европа Кеңеси Президенти