Қараөзек текстил өнимлери дүнья базарына жол алмақта

Соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Қараөзек районында да исбилерменликти раўажландырыў ҳәм сол арқалы халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып бул бағдарда көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Усындай исбилерменлик субъектлериниң бири сыпатында «Қарақалпақстан агрокластер» жәмийетине қараслы «Қараөзек текстил» кәрханасы болып табылады. 2024-жылдың август айында иске түскен бул кәрханада 150 адам жумыс пенен тәмийинленип, бүгинги күни 10 нан аслам ҳәр қыйлы түрдеги балалар ҳәм ересеклер ушын арналған кийим-кеншеклер ислеп шығарылмақта.

-Есимөзек аўыл пуқаралар жыйынының Ақполат аўылында жасайман,-дейди кәрхана тигиўшиси Гүласен Сейдуллаева.- Өткен жылға шекем үйде жумыссыз отырдым. Соңынан районда усындай кәрхана ашылатуғынын еситип, жәмийет басшыларына хабарластым ҳәм жумысқа орналастым. Жаңа кәрханаға жумысқа киргеннен соң, сырт еллердиң заманагөй технологияларын меңгерип кетиў аңсат болмады. Бул жерге келгеннен соң тәжийрибели шеберлердиң қасында жүрип үйрендим ҳәм ҳәзирги ўақытта өз жумысымды толық меңгерип кеттим. Кәрханада жумыс алты күн болып, жумыс басында түслик аўқат шөлкемлестирилген. Пурсаттан пайдаланып усындай заманагөй кәрханаларды шөлкемлестирилген ҳүрметли Президентимизге ҳәм республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтаман.

-Бул кәрханада тийкарынан пишилген материаллар Хорезм ўәлаятынан алып келинип, футболка, майка, пиджама, боди, шорти ҳәм басқа да кийим-кеншеклер тигилип, қарыйдарларға жеткерип берилмекте,-дейди жәмийеттиң ис жүргизиўшиси Мийригүл Қадирова.-Алдағы ўақытлары материалларды пишиў ислерин де өзимизде ашыўды режелестирип қойыппыз. Ҳақыйқатында да соңғы жыллары елимизге сырт еллердиң заманагөй техника ҳәм технологиялары алып келиниўи менен жаңа кәрханалар ашылып, халқымыз тазадан ашылған жумыс орынлары менен тәмийинленбекте. Кәрханаларда ислеп шығарылып атырған өнимлер болса, ишки ҳәм сыртқы базарларда өз қарыйдарларын таўып, елимиз даңқын пүткил дүнья жүзине танытпақта. Бул болса,бизиң ҳәр биримизде мақтаныш сезимлерин оятады.



Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.