Инстаграмда мәденият гүреси

59

 

Пикир

Соңғы жыллары социаллық тармақлар, әсиресе, инстаграм, тек ғана байланыс қуралы емес, ал дүньяға көзқарасты қәлиплестириўши, руўхый тәрбия ҳәм эстетикалық көзқараслар дәреги сыпатында да жумыс алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир инсан өзиниң киши виртуал майданына ийе. Бул болса оны блогерге, тәсир шеңберине ийе шахсқа айландырады. Инстаграмның қүдирети сонда, ол кимди тыӊлаў, нени көриў ҳәм қандай қәдириятлар менен жасаў керек екенлигин адамға жанапай түрде сиңдире алады. Сол себепли де бул платформада пайда болып атырған мәденият мәселеси әҳмийетли ҳәм қатаң таллаўды талап етеди.

Инстаграм биринши мәрте 2010-жылы иске қосылған болса да, әйне соңғы 5-6 жыл ишинде Өзбекстанда жедел раўажланып, халықтың ҳәр қыйлы қатламларына кирип барды. Бүгинги күнде инстаграм: өзин билдириў платформасы, маркетинг ҳәм бизнес жүргизиў қуралы, оқытыўшы ҳәм үйретиўшиниӊ байланыс қуралы, турмыс тәризин көрсетиўши айна сыпатында хызмет етпекте.

Талантлы жаслар, көркем өнер ғайраткерлери, исбилерменлер, өнерментлер, ҳәттеки өз шаңарағын социаллық мотивацияға айландырған әпиўайы инсанлар инстаграм арқалы миллионлаған аудиторияға ийе болып, пайдалы контент тарқатпақта. Бул унамлы тенденция, ҳәм әлбетте, тән алыўға ылайық.

Бирақ, итибарға ылайық тәрепи сонда, ҳәр бир инсанның келбети жәмийетте мәдений талғам, социаллық көзқараслар, әдеп-икрамлылық нормалары қалай өзгерип атырғанының айнасына айланбақта. Алдынлары бетлерде шаңарақлық сүўретлер, дөретиўшилик өнимлери, саяхатлар ямаса диний-руўхый үгит-нәсиятлаўлар үстинлик еткен болса, бүгинги күнде көплеген бетлерде жеке турмыслық мағлыўматларды ҳәдден тысқары ашық көрсетиў, жүзеки ҳәм ғәрезли “трендлер” изинен қуўыў, шаўқымға тийкарланған “контент” таярлаў жағдайлары ҳәўиж алмақта.

Усы жерде еки тийкарғы қәўипли бағдарды көриў мүмкин:

Класслық айырмашылықлардың күшейиўи – инстаграмда идеал турмыс, қымбат баҳалы буйымлар ҳәм дәбдебени көрсетиўге болған қызығыўшылық нәтийжесинде айырым адамлар реал турмыс пенен виртуал турмысты алжастырып қоймақта. Бул болса руўхый басым, депрессия, керексиз еликлеў ҳәм наразылық сезимин күшейтеди.

Тилекке қарсы, контент жаратыўда тамашагөйлердиң итибарын тартыў жолында уятлы, ҳәдден тыс жеке, ҳәттеки руўхыйлықтан жырақ материаллар таярланбақта. Бундай контент сапасызлықты әдеттеги жағдайға айландырады. Әсиресе, жас әўлад санасында надурыс нормаларды қәлиплестиреди.

Көпшилик сапасыз контентлер неге көп көрилетуғынын “Халық соны қәлейди” деген әпиўайы себеп пенен ақлайды. Бирақ, бул бир тәреплеме ҳәм жүдә қәўипли пикир. Себеби кең халық қатламына ийе болған ҳәр бир блогер ямаса контент жаратыўшы өз аудиториясының тәрбияшысы болып есапланады. Аудитория нени көрсе – соны әдет етеди, қабыл етеди, тәкирарлайды.

Және бир әҳмийетли машқала – оқыўшы ҳәм тамашагөйдиң таллаў қәбилетиниң төменлиги. Интернеттен пайдаланып атырған ҳәр бир инсан, әсиресе, жаслар, көрип атырған контентин синтезлеў, сын көзқарастан пикирлеў, әдеп-икрамлылық фильтринен өткериў көнликпесине ийе болыўы зәрүр. Болмаса, виртуал информациялар реал турмысқа унамсыз тәсир көрсетиўде даўам етеди.

Инстаграмда мәдениятты қалай қәлиплестириўимиз мүмкин, деген сораўға төмендегише жуўап бериўимиз мүмкин. Инстаграмда мәденият тек ғана кийим ҳәм шешенликтен ибарат емес. Бетте жалғанлық, артықша асырып көрсетиў емес, ал турмыстың унамлы, сулыў ҳәм мотивациялық тәреплерин көрсетиў керек. Билим, тәжирийбе, өнер ямаса тәрбия бериўши материаллар таярлаў Инстаграм социаллық тармағының тийкарғы бағдарларынан болыўы керек. Әсиресе, жаслар менен ислеп атырған бетлер өзлеринде педагогикалық қатнасты сақлаўы әҳмийетли.

Инстаграм – бул әсиримиздиң кең имканиятларынан бири. Ол арқалы жәмийетке тәсир өткериў, жаңа идеяларды алға қойыў, өзин ҳәм басқаларды раўажландырыў мүмкин. Бирақ бул имканияттан пайдаланғанда мәденият, әдеп-икрамлылық, эстетикалық талғам ҳәм мәнаўият жойтылмаўы керек. Ҳәр ким өз бетинде жуўапкершиликли, саўатлы ҳәм пайдалы болыўға ҳәрекет етсе, инстаграм жәмийет ушын ҳақыйқый унамлы күшке айланыўы ҳеш гәп емес.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА