Өзбекстан – Беларусь парламентлераралық форумы жоқары дәрежеде өткериледи

94

2025-жыл 28-29-август күнлери Беларусь – Өзбекстан ҳаял-қызлары үшинши бизнес-форумы болып өтеди.

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети тәрепинен усы форумға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша мәжилис өткерилди.

Мәжилисте сенаторлар, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Форумды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге, оның шеңберинде өткерилетуғын әҳмийетли илажларда алға қойылатуғын тийкарғы бағдарларға, соның ишинде, машина қурылысы, аўыл хожалығы ҳәм жеңил санаат, медицина, билимлендириў ҳәм туризм тараўларына айрықша итибар қаратылды.

Соның менен бирге, форум шеңберинде еки мәмлекеттиң халық хожалығы жетискенликлери көргизбесин шөлкемлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланады.

Илаж жуўмағында Беларусь – Өзбекстан ҳаял-қызларының үшинши бизнес-форумын жоқары дәрежеде өткериў бойынша парламент, министрликлер ҳәм уйымлардың алдында турған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА