Реформалар Есимөзек аўылының турмысына қалайынша тәсир етпекте?

149

Халық мәпи ҳәмме нәрседен үстин есапланған елимизде адамлардың абадан турмыста жасаўына барлық қолайлы шараятлар жаратылып берилмекте. Әсиресе, соңғы жыллары мәмлекетимизде жүргизилген кең көлемли реформалар нәтийжесинде республикамыз орайынан әдеўир узақта жасаўшы алыс аймақларда ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берди.

Есимөзек аўыл пуқаралар жыйыны Қараөзек районындағы ең шетки аймақлардың бири болып, бүгинги күни елатта еки ярым мыңнан аслам ҳәр түрли миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай тыныш-татыў турмыс кеширмекте. Бир заманлары мәмлекетке салы жетистириў бойынша ең алдынғы хожалықлардың бири болған бул аймақта суў там-тарыслығы өзиниң кери тәсирин тийгизип, жергиликли халық әдеўир қыйыншылыққа дусласқан еди. Сол жыллары айырым пуқаралар өзлериниң турақ жайларын таслап, кимиси Нөкиске, кимиси район орайына, гейбиреўлери Қазақстан Республикасына көшип кетиўге мәжбүр болды.

2016-жылдың сентябрь айында Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти лаўазымына кирискеннен соң, мәмлекетте кең көлемли реформалар басланып, оның унамлы епкини биз сөз етип атырған Есимөзек елатына да өзиниң тәсирин тийгизди. Атап айтқанда, ол мәмлекетти басқарыўға келгеннен кейин алдынғы системаға салыстырғанда ашық-айдынлық, еркинлик, экономикалық либералластырыў ҳәм халық пенен пикирлесиў принциплери күшейтилип, мәмлекетлик басқарыў ҳәм сиясий реформалар бағдарында халық пенен қарым-қатнас сиясаты жолға қойылды. “Халық мәмлекет ушын емес, мәмлекет халық ушын хызмет етиўи керек” деген принцип тийкарында реформалар әмелге асырылды.

2019-жылы «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында ишки жоллар оңланып, қум-шағыл тас араласпасы төселди. Жыйын орайында жайласқан 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңадан қурылған болса, ең шетки Ақполат аўылындағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебине капитал оңлаў жумыслары жүргизилди. Электр линиялары жаңадан тартылып, Ақполат елатына 2022-жылы суўды душшыландырыўшы станция қурып берилди. Сол жылы жыйын орайы тәбийғый газ тармағына жалғанды.

Быйылғы жылы «Басламалы бюджет» порталы арқалы усы жылдың биринши мәўсиминде Есимөзек аўыл пуқаралар жыйынына барыўшы жол пуқаралардың даўыс бериў жолы менен қара қапламалы асфальт төсеў жойбарын утып алып, 1 млрд. 499 млн сум қаржы есабынан 1,5 км аралықтағы жоллар асфальтланды.

Ҳәзирги күнлери болса, мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында, аймақтағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң тийкарғы имаратына капитал оңлаў жумыслары жүргизилип, оған қосымша 120 орынлық оқыў имараты ҳәм 12х24 өлшемдеги заманагөй спорт зал қурып берилмекте.

-Усы күнге шекем оқыўшыларымыз еки мезгилде оқыйтуғын еди,-дейди усы мектеп директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Бердақ Абдамбетов.-Енди жаңа 4 класс бөлмесиниң қурып питкерилиўи менен оқыўшыларымыз бир мезгилде оқып, қалған ўақытта қосымша пән дөгереклеринде шуғылланыў имканиятына ийе болады. Әсиресе, мектебимизге жаңа спорт залдың қурып берилиўи жасларымыздың спорт пенен турақлы шуғылланыў имканиятын арттырады. Бул болса, мектебимизде билимлендириў сапасының жақсыланыўы ҳәм саламат турмыс қәлпиниң кеңнен ен жайыўына себеп болады.

-Мектеп қурылысын май айының ақырында баслап, бүгинги күнге шекем 120 орынлық қосымша оқыў имаратының дийўаллары өрилип, төбелери бетон плиталар менен бастырылып, ишки сыбаў жумыслары жуўмақланды,-дейди «Реал инжиниринг» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң прорабы Балтабай Раҳматуллаев.-Ҳәзирги күнлери спорт залдың металл конструкция жумыслары алып барылып, қосымша имараттың төбесин шиферлаў, классларға жаңа есиклер қурыў, еденлерге кафел, сыртқы дийўалларға базальт басыў жумыслары жүргизилмекте.

-Халқымызға көрсетип атырған бундай ғамқорлықлары ушын ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёев ҳәм республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтаман,-дейди жыйын ақсақалы Махамбет Нуржигитов.-Әлбетте, халыққа исленген жақсылық ҳеш қашан умытылмайды. Бизлер де ел басшыларының халықтың абадан турмыста жасаўы ушын ислеп атырған бундай ғамқорлықларын умытпастан мәмлекетимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы ушын аянбастан хызмет ете беремиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.