Балалардың интеллектуаллық имканияты раўажландырылмақта

Жас әўладтың интеллектуаллық имканиятын раўажландырыў ҳәм олардың дем алыс дәўириндеги бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде түрли басламалар әмелге асырылмақта. Олардан бири сыпатында “Әҳмийетли 90 күн” шеңберинде өткерилип атырған илажларды атап өтиў мүмкин.
Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, Елликқала районында жайласқан “Арал балалары” дем алыў орнында усы жойбар шеңберинде “Заковат” интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилди. Шөлкемлестириўшилер – “Заковат” клубы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Балалардың дем алыўын ҳәм саламатландырылыўын шөлкемлестириў департаменти тәрепинен өткерилген бул илаж балалар ушын ҳәм мәдений, ҳәм ағартыўшылық жағынан әҳмийетли болды.

Ойында қатнасқан балалар командалары сораўларға жуўап бериў процесинде ақыл-ойларын иске қосып, билимлерин және де беккемледи. Интеллектуаллық беллесиў жаслар арасында саламат бәсеки ҳәм командада ислесиў көнликпесин раўажландырыўға хызмет етти.
Илаж жуўмағында жеңимпаз командалар анықланып, оларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Бундай ойынлар балалардың пикирлеў қәбилетин арттырыўда, олардың жаңа билимлерге қуштар болыўында әҳмийетли орын тутады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги