Белсенди жаслар менен ушырасыў өткерилди

Жаслар – жәмийет раўажланыўының шешиўши күши сыпатында тән алынып атырған бүгинги күнде олардың пикирин тыңлаў, талапларын үйрениў ҳәм қоллап-қуўатлаў әҳмиетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Усы мақсетте Төрткүл районы Түркменқулы аўыл пуқаралар жыйынында район ҳәкими И.Худайбергеновтың қатнасыўында “Ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўы” шөлкемлестирилди. Бул илажда Өзбекстан, Түркменкөл, Яхдилиқ ҳәм Машал аўыл және мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы белсенди жаслар қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Ушырасыў еркин пикирлесиў тәризинде өтти. Район ҳәкими ушырасыў даўамында елимизде жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айтып, олардан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти. Сол арқалы, жаслар келешекте елимизге садық ҳәм мәрт шахслар сыпатында камалға келиўи керек екенлиги айрықша атап өтилди.
Илаж даўамында жаслар өзлери ушын әҳмийетли болған мәселелер бойынша пикир билдирди. Олар менен тиккелей сөйлесиў, олардың усынысларын тыңлаў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў – бундай ушырасыўлардың тийкарғы мақсетлеринен бири болды.

Бундай форматтағы ашық ушырасыўлар жаслардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыў, олардың имканиятын жүзеге шығарыў ҳәм оларды мәмлекет тәғдирине байланыслы шахслар сыпатында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги