Қабыллаўда 50ден аслам пуқараның мүрәжаты тыңланды

Пуқаралардың мүрәжатлерин тыңлаў арқалы тараўлардағы машқалаларды үйрениў, халықтың тилек-өтинишлерине шешим табыў мақсетинде орынларда өткерилип атырған ушырасыўлар даўам етпекте.
Бүгин Хожели районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Иқлас Палўанов тәрепинен район турғынлары ушын жеке қабыллаў өткерилди.

Мақсет – халықты ойландырып киятырған ҳәм шешимин таппай атырған медицинаға байланыслы мәселелерди үйрениў ҳәм оларға нызам шеңберинде тийисли шешим табыўдан ибарат.
Қабыллаўда жәми 50 ден аслам пуқараның мүрәжаты тыңланып, соннан 7 пуқараның мүрәжаты бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди, 12 пуқараның мүрәжаты өз орнында шешимин тапты, 9 мүрәжат бойынша ўақыт талап етилетуғын болғанлықтан үйрениўге қалдырылды, сондай-ақ, жумыс, дәри-дәрмақ, майыплығы бойынша топарға шығарыўын сораған жәми 24 пуқараға тийисли мәсләҳәтлер берилди.

Буннан тысқары, қабыллаў даўамында медицина хызметкерлери де тараўға байланыслы мүрәжатларын айтып, пикир-усынысларын билдирди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.