Помидор өнимлерин қайта ислеў кеңейеди

96

Алдын хабар бергенимиздей, ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен исбилерменлер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары жумысында ҳуқықый, экономикалық ҳәм басқа да бағдарларда ушырасып атырған қыйыншылықларды шешиўге жәрдемлесиў мақсетинде орынларда үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Нөкис районында 2018-жылдан берли “Қуяшта кептирилген экологиялық таза органикалық помидор ислеп шығарыў ҳәм экспортты кеңейтиў” жойбарын әмелге асырып киятырған “Биогумус” фермер хожалығында болып өткен гезектеги мине усындай ашық сәўбетлесиўде ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети департамент баслығы Бахтиёр Рухитдинов ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы Адип Айбергеновлар қатнасты.

Бүгинги күнде фермер хожалығы тәрепинен 60 гектар майданда Италияның Сан-Марсано помидор сорты жетистирилмекте. Жылына 1,2 мың тонна жалпы өним алынады ҳәм 110 тонна қайта исленген (кептирилген) органикалық помидор өними ислеп шығарылады. Бул помидор сорты кептириў ушын мөлшерленген болып, Италиядан импорт етиледи ҳәм органикалық төгинлер менен байытылған жерлерде жетистириледи. Буннан тысқары, бул сорт Аралбойының қурғақ ҳәм ыссы климат шараятында жетистириў ҳәм кептириў ушын қолайлы болып есапланады.

Фермер хожалығы тәрепинен қайта исленген помидор өнимлери Ecocert органикалық стандарты ҳәм ISO 22000:2018 халықаралық сапа сертификатларына ийе. Нәтийжеде, ҳәзирги ўақытта кептирилген органикалық помидор өнимлери Италия ҳәм Франция мәмлекетлерине ҳәр бир килограмы 5,5-6,2 доллардан экспорт етилмекте.

– Келешекте органикалық помидор өнимлерин қайта ислейтуғын завод қурыўды режелестирип атырмыз. Бул жерде тек ғана өзимизде емес, ал басқа да фермер хожалықларында жетистирилген өнимлер қайта исленеди. Соның нәтийжесинде көплеген жумыс орынлары жаратылады, – дейди “Биогумус” фермер хожалығының баслығы, “Келажак бунёдкори” медалы ийеси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Шерзод Ниязимбетов.

Партия белсендилериниң кейинги мәнзили Аралбойы Халықаралық инновациялық орайы болды.

Халықаралық инновациялық орай Арал теңизиниң қурыған ултанындағы шорланған топырақлы жерлерде экосистеманы ҳәм турақлы жанлы турмысты раўажландырыў, шорланған топырақлы орталықта ҳәр қыйлы машқалаларды шешиў мақсетинде халықаралық шөлкемлер менен биргеликте инновацияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў, инновациялық технологиялар ҳәм көзқарасларды, соның ишинде, агро тоғай мелиорациясы, шөлистанлықты терекке айландырыў, суў асты егинлери, биоэнергетика, егинлердиң диверсификациясы, егинлер комплексин жетистириў, шарўашылық, жайлаўларды раўажландырыў, қурғақшылықты басқарыў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў, Арал қурыўының ақыбетлерин сапластырыў ҳәм Арал теңизи бассейниниң экологиялық саламатландырыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў сыяқлы ўазыйпаларды әмелге асырады.

Ушырасыўда тараўға байланыслы айырым мәселелер бойынша мүрәжат ҳәм усыныслар билдирилип, кең түрде додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.