Сургилде стратегиялық энергетика имараты қурылды

Мәмлекетимиздиң энергетика қәўипсизлиги системасында әҳмийетли орын ийелейтуғын “Сургил” қысыўшы компрессор станциясын (СҚС) қурыў жойбарының қурылыс ҳәм монтажлаў жумыслары табыслы жуўмақланды.
Бул станция Сургил кәниндеги тәбийғый газдиң басымын арттырыў ҳәм оны қайта ислеў ушын Үстирт газ-химия комплексине узатыўға мөлшерленген. Бул комплексте шийки зат газиниң қурамынан ажыратып алынатуғын баҳалы компонентлерден полимер өнимлер ислеп шығарылады.
Жойбар шеңберинде газди қысыў бойынша жыллық қуўатлылық 1,8 миллиард куб метрди, суткалы қуўатлылық болса 4,8 миллион куб метрди қурайды. Компрессор станциясы еки параллель ислейтуғын газ айдаўшы агрегаттан ибарат.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс-монтажлаў жумыслары толық жуўмақланып, газ айдаў агрегатларын иске түсириў ҳәм сазлаў жумыслары басланған. Бул болса Сургил кәнинде тәбийғый газ қазып алыў көлемин арттырыў, Үстирт газ-химия комплексине турақлы түрде газ жеткерип бериў арқалы жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў ушын қосымша ресурс базасын жаратыў имканиятын береди.
Буннан тысқары, жаңа қуўатлылықлар Үстирт газ қазып шығарыў басқармасы қурамындағы кәнлерден төмен басымлы газди қысыў есабынан газ қазып шығарыў көлемин көбейтиўге де хызмет етеди.
Жойбар тек ғана стратегиялық емес, ал айрықша социаллық әҳмийетке де ийе. Тәбийғый газ қазып алыў көлеминиң артыўы арқалы халық, кәрханалар ҳәм социаллық мәкемелерди исенимли энергия дереги менен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм аймақлардың турақлы экономикалық раўажланыўы тәмийинленеди.
ӨзА