Лабубу. Ол қандай ойыншық? Қәўиплиме яки…

227

Соңғы ўақытлары социаллық тармақларда балалар арасында Лабубу атлы ойыншықтың трендке айланып атырғанлығының гүўасы болып атырмыз.  Көриниси жағынан жағымсыз, ҳәттеки айырым жасы үлкенлер ушын да қорқынышлы көринетуғын бул ойыншықты бақша жасындағы нәрестеден баслап, мектеп жасындағы балаларға шекем жақсы көреди.  Хош, балалар не ушын «жаман» ойыншықларға қызығады? Бундай ойыншық бала психологиясына қандай тәсир  көрсетеди? Ол балалар ушын қәўиплиме?

Лабубу қашан «дүньяға келген?»

Балалардың таласып сорап атырған ойыншығы соңғы  ўақытларда пайда болған сыяқлы көринсе де ол  биринши мәрте  2015-жылы гонконглы художник Касинг Лунгтың устаханасында басланған. Гонконгта туўылып, Нидерландияда жасаған  43 жасар иллюстрациялаўшы “Монстрлар” атамасындағы бир қатар сүўретли китаплар үстинде жумыс ислеп атырған еди. Лабубу – тисли күлки, үлкен қулағы ҳәм мәнили көзлери бар кишкене мақлуқ – усы әлемниң тек ғана бир персонажы еди.

“Мен Лабубуды жумбақлы тоғайда жасайтуғын сөйлемшек, бирақ мийрим-шәпәәтли қубылыс сыпатында сүўретлегенмен,” – деп  интервью берген Лунг социал тармақларда. Художник өзи билмеген ҳалда миллиардлап долларлық пайда келтиретуғын ойыншықты  жаратып атырғанын ойламаған да еди.

2019-жылы Қытайдың коллекциялық фигуркаларға қәнигелескен Поп Март компаниясы Лунгке бирге ислесиўди усыныс еткен ўақытта бурылыс дәўири басланады. Соннан баслап Лабубу китап қаҳарманынан “блинд бох” форматында сатылатуғын физикалық ойыншыққа айланды.  Яғный, ойыншық ислеп шығарыўда жетекши орынды ийелейтуғын Қытайда «дүньяға келген» түри-түси әжептәўир болған ойыншық, бүгин дүнья базарында тез сатылып ҳәм көп дәрамат таўып атырған ойыншыққа айланған.

Бул ойыншықтың ең көп танылған ўақты К-поп топары Блацкпинк қосықшысы Лисаның сумкасында көрингеннен кейин басланды. Кейин ала бул тенденцияны  Ким Кардашян ҳәм Рианна да даўам еттирди. Яғный брилок сыпатында кишкене Лабубу ойыншығын сумкасына қыстырып жүрген топ жулдызлардың бул ҳәрекетинен соң ойыншық тез ғалаба ен жайып, мода түсине енеди. Коллекциялық ойыншықлар 2015-жылы пайда болды, бирақ 2025-жылдың бәҳәринде ҳәммеси атақлы шахслардың арқасында танылыўға еристи.

Буннан кейин лабубулар сүўретленген ойыншықлар ҳәм буйымларға талап кескин артқан.  Ҳәзирги ўақытта Тик Ток ҳәм Ютубта Лабубудың  жаңа түрдеги  видеолары миллионлаған көриўлерди жыйнап, оны және де трендке айландырып атыр.  Яндекс мағлыўматларына бола, май айында “Лабубу” гилт сөзи менен сораўлар саны миллионнан асқан. Июнь айының басына келип болса ойыншық ҳаққындағы мағлыўмат күнине 100 мыңнан аслам мәрте соралған.

Дәслеп ол балалар ҳәм коллекционерлердиң қәлеген обектине айланып, кейин ата-аналар, психологлар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының итибарын да тартқан.

Психолог не дейди?

-Бизлердиң балалығымызда да көплеген ойыншықлар бар еди. Мәселен тислери ақшыйған крокодиллер, қорқынышлы айыў сыяқлы. Ҳәммемиз балалығымызда жақсы көрген ойыншығымызды қушақлап  уйқылайтуғын едик. Бүгин Лабубы да тап усындай ўазыйпаны атқарады: оны услап көриў, қушақлаў ҳәм бир майдан болса да стресстен бас тартыў мүмкин. Бул универсал механизм.Тек айыўдың яки крокодилдиң орнына ҳәзир бизде мүйизли ашыўшақ қоян бар. Сыртқы көриниси күлкили, тийкарында болса ишки кейпиятымызды сәўлелендиреди. Ата-ана перзентиниң минез-қулқын емес, қәбилетин сынай берсе, бала өзин жаман, жағымсыз сезип, сол көриниске уқсамақшы болыўы мүмкин. Соның ушын ата-аналарға баланың ҳәрекетин баҳалаўға, шахсына ҳүрмет пенен қараўға мәсләҳәт беремен. Сондай-ақ, баланың қәлеўин пүткиллей тоқтатпай, бир ойыншыққа ҳәдден тыс байланып қалыўына жол қоймаў керек. Лабубуды биринши көргенде ересеклер ушын унамсыз тәсир қалдырыўы мүмкин. Бирақ бул сезимди балаға жүклеўге болмайды. Бизге қорқынышлы көринсе де, балалар ушын ондай  емес. Көбинесе ертек, мультфильм қаҳарманлары да қорқынышлы, бирақ мийримли болады. Мақлуқ ҳәм малика ҳаққындағы ертеклердегидей, сыртқы көриниси емес, оның тәрбиялық  әҳмийети керек. Баланың ишки эмоционал сезимлерин толтырыў ушын ойыншық зәрүр. Балаға керек емес деп қадаған ете бергени менен оған бала қайтама өш болады.  Бир сөз бенен айтқанда бала қызығып әдеттеги ойыншықлардай етип ойнаса ҳәм оған байланып қалмаса, коллекция жыйнамаса ол қәўипли болмайды, -дейди психотерапевт шыпакер Бахытлы Асеметдинова.

Гейде қорқынышлы ойыншықлар менен ойнаў онша алағада болмайтуғын нәрсе сыяқлы көринсе де, баланың психологиясына үнсиз сигнал берип атырған болыўы да  мүмкин. Бирден сезилмесе де қорқынышлы ойыншықлар ҳаўлығыў, қорқыў, жағымсыз түслер ҳәм стресске алып келиўи де мүмкин. Бала өз сезимлерин толық айта алмағаны ушын ҳәр қыйлы симптомлар арқалы көринеди. Бундай ўақытта баланы тек ғана бир ойыншықтың себебинен деп есапламай, оны психолог шыпакерлерге  көрсетип, мәсләҳәт алып, себебин анықласа  орынлы болады деп ойлаймыз.

Бизде ойыншықтың баҳасы қанша?

Биз және Лабубудың келип шыққан орнындағы жағдайға қайтайық. Бул ойыншықты ислеп шығарып сатқаннан соң нәтийжелер күтилгенинен де жоқары болды. 2024-жылы Лабубу саўдалары 419 миллион долларды қураған, Поп Марттың улыўма капиталласыўы болса 18,3 миллиард долларға жеткен. Компанияның тийкарын салыўшы Ван Нин бир жыл ишинде өзиниң байлығын 8,5 доллардан 18,3 миллиард долларға жеткерип, Қытайдың ең бай адамларынан бирине айланды.

Дүньяның көплеген мәмлекетлериниң базарына кирип барған Лабубу бизлердиң де саўда орынларымымызда сатылмақта. Яғный, базардағы ойыншықлар саўда орынларында  бул ойыншықтың баҳасы тийкарғысы (оригиналы) ҳәм жасалмаларына қарап түрли баҳаларда сатылмақта. Жасалма түрлери базарларда 56 мың сум ал,  сырт  елден алып келинген тийкарғылары болса 120, 150 мың сумнан сатылмақта.

-Талап жоқары болған соң сатыў ушын алып келемиз. Ойыншық мениңше оншелли қорқынышлы емес. Жумсақ ойыншық. Саўдасы да жаман емес.,-дейди сатыўшылардың бири менен сәўбетлескенимизде.

Ал, ата-аналардың бирин сәўбетке тартқанымызда:

-Қызым бес жаста. Балалар бақшасына барады. Нешше күннен берли Лабубу деген ойыншықты алып бер мама деп тынышымды алды. Ол қандай ойыншық екен деп қызықсынып, базардағы саўда орнына барғанымда түри бир әжеп тәўир ойыншық екенлигин көрдим. Алып бермедим,-дейди Серегүл атлы келиншек.

Жуўмақ

Биз бүгин  социаллық тармақлар тез пәт пенен раўажланған дәўирде жасап атырмыз. Дүньяның арғы басында ҳәзир ғана болған ўақыя жасын тезлигинде тарқалып, бизлерге де жылдырымдай жетип келеди. Қолымыздағы кишкене ғана телефонды ашсақ пүткүл дүньяны, жақсыны да, жаманды да көремиз. Ал сол телефон бүгин еле есин де танып үлгермеген кишкене нәрестелердиң қолларында жүр. Олар «Маша медьвед», «Синий трактор»  яки «Зам-зам-зам» менен үлкейип атыр. Оннан үлкенлери болса, телефон кнопкаларын басып, қәлеген нәрсесин көреди…

Мине,  енди балалар ойыншықлары да бизлерди ойландырарлық жағдайға алып келип атыр. Мениңше қайдағы бир Лабубуға балаларымызды үйирсек етпестен, өзлеримиздиң миллий қаҳарманларымыздың келбетин сәўлелендиретуғын ойыншықларымызды ислеп шығарыўды жолға қойып, ишки базарымыздағы ойыншықлар дүканларын толтырсақ, бала тәрбиясында жақсы нәтийжеге ерисемиз деп ойлайман. Бул мәселеге әлле қашан-ақ қәдем тасланып, нөкисли өнермент  Махада Алламбергенованың шеберлик мектебинде миллий ойыншықлар тигилип, исленип келинбекте. Өнерменттиң устаз-шәкирт мектебинде бул өнерге қызығыўшы жаслар көпшиликти қурайды. Тек ғана бул өнерди ен жайдырып, ислеп шығып, балалар дүньясының ойыншықлар әлемине сатыўға шығаратуғын исбилерменлер табылса жақсы болар еди деген пикирдемиз. Бул, дурыс болар. Ал, сизиң пикириңиз қандай?

Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги