Тақыятаслы гимнастикашылар жарыстың финал басқышында

123

Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде 14-30 жас аралығындағы қызлар арасында  спорттың Гимнастрада спорт түринен Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан жас гимнастлар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Қызғын өткен беллесиўлер соңында, биринши орынды Тақыятас районы жаслары жеңип алып, жарыстың Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Тахтакөпир ҳәм Шоманай районлары командаларына несип етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.