Нызамшылықтағы жаңалықлар үгит-нәсиятланды

Бажыхана уйымларында ҳәр пийшемби – ҳуқықбузарлықларға қарсы профилактикалық илажлар күни сыпатында белгиленген.
“Даўыт-ата” шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен пост арқалы ҳәрекетленип атырған жүк автотранспорт қураллары айдаўшыларына сырт елден алып келинген мобиль байланыс қуралларының IMEI системасында дизимге алыў тәртип-қағыйдалары түсиндирилди.

Соңғы ўақытларда көп додалаўларға себеп болып атырған бул темада түсинбеўшилик ҳәм қосымша әўерегершиликлердиң алдын алыў ушын сырт елден алып кирилип атырған мобиль байланыс қуралларын жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетиў талап етилетуғынын атап өтиўимиз керек.
Интеграцияласқан системалар арқалы бул көрсетилген байланыс қуралларының IMEI системасында дизимнен өтиў процесслеринде бажыхана рәсмийлестириўи менен байланыслы әмелиятлардың әпиўайыластырылыўына тийкар жаратады.
Профилактикалық илаж даўамында усы нызамшылық талаплары көрсетилген буклетлер тарқатылды.

Сондай-ақ, пуқараларға әмелдеги нызамшылық талапларын билмеў оларды жуўапкершиликтен азат етпеўи, бажыхана шегараларын кесип өтиўде бажыхана нызамшылығына қатаң әмел етиў ҳәм ҳеш қашан бажыхана хызметкерине “пара” усыныс етпеў, бажыхана хызметкериниң материаллық мәпдар болыў жағдайына дус келсе, Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етиўи соралды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.