Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесслерин және де жеделлестириўге қаратылған нызамлар қабыл етиледи

94

“Мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў тараўының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў тараўы жетилистирилмекте.

Бул Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетинде атап өтилди.

Нызам менен әмелдеги нызамшылыққа мәмлекетлик активлерди меншиклестириў ҳәм ижараға бериўди әпиўайыластырыўға, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызам бул тараўдағы ўәкилликли уйымлардың ўәкилликлерин белгилеў және мәмлекетлик активлер ҳәм жер участкаларын меншиклестириў ҳәм ижараға бериў арқалы жеке меншикти кеңейтиўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, “Базар реформалары ҳәм Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесслери және де жеделлестирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам да қызғын додаланды.

Нызам менен “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы ҳәм “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына қара ҳәм реңли металл бөлеклерин ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў, реализациялаў, тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы бойынша жумысты әмелге асырыў ушын лицензиялаў тәртибин енгизиў менен байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлар бул нызам қара ҳәм реңли металл бөлеклери ҳәм шығындылары, тәбийғый газ саўдасы тараўына жеке меншик секторды ҳәм инновацияларды тартыўға, сондай-ақ, бәсеки ҳәм ашық базар орталығын жаратыўға хызмет ететуғыны ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди.

Н.Абдураимова,

ӨзА