“Жасыл мәкан”: тәбият пенен тиллесип, әжайып затлар жаратып атырған ел

Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!
Биз отырған микроавтобус Тяньцзиннен Пекинге қарай жолға шықты. Алдымызда жүз километрден аслам аралық ҳәм еки саатқа шамалас ўақыт турыпты.
Самалдай зуўлап баратырған көликтен әтирапты тамашалаў қызық. Басы аспанға тийип турған әйнек жайларда азанғы қуяштың нурлары жалтырайды. Қаланы кесип өтиўши Хайхэ дәрьясының үстине орнатылған ири-ири көпирлер, үсти-үстине қурылған жол өткеллер, шексиз кеңисликлерге төселген қуяш панеллери, бир қәлипте айланып атырған самал электр станцияларын үнсиз бақлайман.

Бул санап өтилген көринислерди бир нәрсе улыўмаластырып турады – ҳәр бир технологиялық раўажланыў үлгисинде тәбият пенен үнлеслик көринеди.
Тәбиятты қорғаў бағдарындағы халықаралық тәжирийбе
Қаяққа қарамаңыз жасыл мәканларға көзиңиз түседи. Жол бойлары, пиядалар жоллары ҳәм халық тығыз жасайтуғын елатлы пунктлерде де тереклер қатар-қатар болып тур.
Усы ўақытта жолдасларымның өз-ара әңгимеси қулаққа еситиледи.
– Көп жыллар бурын бул жерге келсеңиз бундай көринисти көрмеген болар единиз, – дейди көз әйнекли қыз ҳәммениң дыққатын тартатуғын дәрежеде даўысын бираз жоқарылатып. – Дөгеректеги көп жерлер қурғақ, ҳаўа болса әдеўир патас еди. Тереклер аз, жерлер шөллениўге бейимлесип баратырған еди. Жол бойларындағы бетон дийўаллар, тақыр кеңисликлер адамды зериктирип жиберетуғын еди. Инсанның қолы гүл, ол бирлессе ҳәм қәлесе кәраматлар дөретиўге уқыплы. Мине, бул тереклерге қарап сабыр ҳәм ақыл жемиси қандай болыўын көриўиңиз мүмкин.
Бул гәплерден кейин көпшиликтиң Қытай тәбиятына, әтираптағы көриниске қызығыўшылығы және де артты.

Усы жерде тән алыў керек, бул мәмлекет экологиялық машқалаларды шешиўде дүньяда жетекшилерден бири болып есапланады. Әсиресе, қалалардың ҳаўасын таза сақлаў, тереклерди көбейтиў, жасыл аймақлар жаратыўға үлкен итибар қаратылады.
Қытай ҳүкимети экологиялық машқалаларды шешиўди миллий стратегия дәрежесине көтерген. Бундай қатнас – экологиялық цивилизация идеясының мәмлекетлик сиясатқа айланғаны бүгин өз нәтийжесин бермекте.
Ҳәр жылы миллионлаған нәллер егиледи. Бул жумыс мәмлекет тәрепинен қадағаланады. Тек ғана терек егиў емес, тәрбиялаў да талап етиледи.
Мәмлекет “Жасыл дийўал” жойбары менен шөллерди жасыл аймақларға айландырыўға ериспекте. Бул жумыслар Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен де жоқары баҳаланған.
Мектеплерден-ақ балаларға экология, тәбиятты қәстерлеп сақлаў үйретилмекте. Жәмийетшилик экологиялық акцияларда белсене қатнасады. “Жасыл турмыс тәризи” ғалабалық түрде үгит-нәсиятланады.
Қытайдың бул тараўдағы тәжирийбесинен көринип турғанындай, экологияны жақсылаў ушын бир неше системалы илажлар бир ўақыттың өзинде әмелге асырылыўы керек.
Тийисли ҳүжжетлердиң өз ўақтында қабыл етилгени, илимий көзқарасларға итибар берилгени, ғалабалық ҳәрекетлердиң үйлестирилгени бүгин өз нәтийжесин берди.
Халық ҳәрекетине айланған улыўма миллий жойбар
Адамның тәбияты қызық. Әтирапқа қарайды, соң өзине көз таслайды. Бул ҳәрекети менен жуўмақ шығарғанлар болса раўажланып бара береди. Шын елиниӊ жоқарыда атап өтилген жетискенликлери ҳаққында ойлап атырман да, елимизде әйне усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелери қыялымда сәўлеленбекте.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен басланған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары қысқа мүддетте халық ҳәрекетине айланды. Ҳәр жылы бәҳәр ҳәм гүзде терек нәллерин егиў дәстүри жанланды.
Әлбетте, жойбар шеңберинде ана Ўатанымызда жаңа экологиялық орталық қәлиплести. “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде болса бул процесс жаңа басқышқа көтерилди.
Президенттиң басламасы менен усы жылдың басында да мәҳәллелерде дийқаншылық ҳәм абаданластырыў жумысларын мобилизациялық түрде алып барыўға кирисилди. Бәҳәр мәўсиминиң өзинде 125 миллион түп нәл егиў бойынша мөлшер алынды. Онда егислик жерлерди дурыс таңлаў, суўғарыўды жақсылаўға айрықша итибар қаратылды.
Ири санаат кәрханалары ҳәм шығынды полигонлары әтирапына да тереклер егилип, “жасыл белбеўлер” шөлкемлестирилип атырғаны итибарға ылайық.
Автомобиль ҳәм темир жоллар, дәрья ҳәм каналларға тутас жерлер терек егиў ушын халық ҳәм исбилерменлерге ижара шәртнамасы тийкарында ажыратып берилди. Улыўма, соңғы жыллары мәмлекетимиз бойынша миллионлаған нәл ҳәм путалар егилди. Аралбойында болса жасыл қаплама жаратылмақта. Қуўанышлы тәрепи, бул ийгиликли жумыс избе-из даўам етпекте.
Жойбарды жаңа басқышқа көтериў жолында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-майда “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәм тоғайларды басқарыў системасында реформаларды избе-из даўам еттириў, жасыл аймақларды кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.
Усы ҳүжжетке бола, терек ҳәм пута нәллериниң көгерип шығыўы, өмиршеңлиги, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлылығын арттырыўдың мақсетли көрсеткишлери белгиленди.
Әҳмийетлиси, туқымгершилик лабораторияларында республика аймақларының климат шараятына сәйкес өсимлик түрлеринен аналық плантацияларын шөлкемлестириўге кирисилди.
Бүгинги күнде сапалы нәллерге талап артып атырғанын есапқа алып, мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен жеткерип берилип атырған нәллердиң көлемин еки есеге арттырыў ўазыйпасы қойылған.
Енди “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң қатнасын арттырыў, “Жасыл мәкан” электрон платформасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм санластырыўға қаратылған механизмлер енгизиледи.
Буның ушын халықтың басламасы менен терек егилиўи мүмкин болған анық аймақ, суў тәмийнаты, кейин ала тәрбиялаў имканияты ҳәм тереклердиң түрлери көрсетиледи.
Тоғай фондына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың баҳалы сортларын нызамға қайшы түрде кескен ямаса жоқ еткен шахслар тәрепинен компенсация сыпатында егилген терек ҳәм пута нәллериниң есабын жүргизиў системасын енгизиў жумыслары алып барылмақта.
Бул ҳүжжет мәмлекетимизде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўдағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыўы сөзсиз.
Елимизде ҳәр жылы 200 миллион түп терек ҳәм пута егилип, жасыллық көлемин 2030-жылға шекем 30 процентке жеткериў мақсети белгиленген. Бүгин бул ийгиликли иске қосылыўды, гөзленген мақсетке ерисиўди халқымыз өзиниң тәбият алдындағы миннети деп билмекте. Бундай кейпият ҳәм қатнас жақын арада нәтийже бериўи анық.
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАныӊ хабаршысы