Август – халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў айлығы

Быйыл май айында қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары экологияны қорғаў ҳәм халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўда әҳмийетли ҳүжжетлерден бири болды.
Қарарда халықтың барлық қатламларының экологиялық мәдениятын арттырыўға қаратылған әҳмийетли мақсет-ўазыйпалар өз көринисин тапқан. Соның ишинде, халықтың экологиялық мәдениятын қәлиплестириў ҳәм жоқарылатыўға қаратылған экологиялық үгит-нәсиятлаў илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, халық арасында шығындыларды таңлап алыў, жәмийетлик орынларды шығындыдан жырақ аймаққа айландырыўды кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған акцияларды шөлкемлестириў ҳәм турақлы түрде өткериў әмелиятын жолға қойыў, қоршаған орталыққа зыян келтиретуғын ҳәр қыйлы затлар, олардың өзгешеликлери ҳәм олардан пайдаланыў, сондай-ақ, зыянсызландырыў ҳәм утилизациялаў тәртибине бағышлап халықтың ҳәр қыйлы қатламлары ушын мөлшерленген методикалық қолланбалар таярлаў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Қарар қабыл етилгеннен берли бул концепцияның мазмунын түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажлар ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте. Өзбекстан Экологиялық партиясы тәрепинен де бир қатар үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылып келинбекте.
Енди Экопартия тәрепинен август айы “Халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў айлығы” деп жәрияланды. Бул айлық шеңберинде партияның Орайлық Кеңеси ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясы ағзалары, Жаслар парламенти ҳәм жаслар топарлары ўәкиллериниң қатнасыўында экологиялық акциялар, форумлар, таңлаўлар ҳәм түрли ағартыўшылық илажлардың шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Буннан гөзленген мақсет халық қатламларының экологиялық билим ҳәм көзқарасларын байытыў, жәмийетте экологиялық мәдениятты арттырыў, пуқаралардың экология бағдарындағы жойбар ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыўына жәрдемлесиўден ибарат.
Қоршаған орталық ҳәм тәбиятты қәстерлеп сақлаў, экологияны қорғаў ҳәр бир пуқараның миннети ҳәм ўазыйпасы болып есапланады. Солай екен, экологиялық мәдениятты арттырыў арқалы тәбият алдындағы миннетимизди орынлаўымыз, таза ҳәм турақлы келешекти жаратыў жолында белсендилик көрсетиўимиз керек.
ӨзА