Коррупция – келешекке қәўип туўдыратуғын иллет

Бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген болып, бул бағдарда системалы ҳәм мақсетли жумыслар әмелге асырылмақта.
Төрткүл районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети ағзаларының қатнасыўында “Коррупция – келешекке қәўип” атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң ағзасы, Жоқарғы Кеңес депутаты Х.Ешимбетов ҳәм Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Ж.Сеттиев шығып сөйледи.
Илажда шығып сөйлегенлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 5-март күни болып өткен Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Миллий кеңес мәжилисинде алға қойылған тийкарғы идеялар, белгиленген ўазыйпалар ҳәм басламалардың мазмуны ҳаққында түсиндирип берди. Олар мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм жәмийетте коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў зәрүрлиги ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир жүргизди.

Бундай ушырасыўлар халық арасында жәмийеттиң раўажланыўына қәўип туўдыратуғын унамсыз жағдайларға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе. Коррупцияға қарсы гүресиўде ҳәммемиз биргеликте ҳәрекет етиўимиз, тек ғана мәмлекетлик уйымлар емес, ал жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы бул процессте белсене қатнасыўы зәрүр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги