АҚШ-Япония саўда келисими: автомобиль бажысы 25% тен 15% ке түсти

111

Япония Бас министри Сизиука Исиба Дональд Трамп жәриялаған “көлемли” саўда келисимин қоллап-қуўатлады. Келисимге бола, АҚШқа импорт етилетуғын япон автомобильлери ҳәм аўысық бөлеклерине қойылған бажы ставкасы 25 проценттен 15 процентке азайтылады.

Бул қарар артынан ири япон автомобиль ислеп шығарыўшыларының акциялары кескин көтерилди, соның ишинде, “Nissan” 8,5%, “Honda” 11%, “Toyota” 14% тен көбирек өсти. Экономистлер буны Япония автомобиль санааты ушын үлкен жеңиллик деп баҳаламақта.

Трамп сол күни Филиппин менен де саўда келисимине ерисилгенин мәлим етти ҳәм өткен ҳәптеде жәрияланған Индонезия менен келисимниң деталларына тоқтап өтти. Бул баянатлар 1-августтан кейин тарифлерди және де арттырыў менен қорқытылған мүддет қарсаңында жаңлады.

Ақ үй ҳәзирше келисим бойынша толық мағлыўмат бермей атыр. Сол себепли айырым деталлар ашық қалмақта. Бул келисим АҚШ-Япония саўда қатнасықларында әҳмийетли бурылыс ноқаты болыўы мүмкин. Япония автомобиль санааты ушын тариф жеңиллиги үлкен базар үстинлигин сақлап қалыў имканиятын береди, бирақ глобал бәсеки, атап айтқанда, Қытай компанияларының басымы даўам етпекте.

Муслим Зиё, ӨзА