Мәплер соқлығысыўына байланыслы нызамшылық талаплары қалай орынланбақта?

“Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызамда Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәплер соқлығысыўы менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленген.
Соған бола, Агентлик мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары және хызметкерлери тәрепинен мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы нызамшылық талапларына әмел етпеў жағдайлары бойынша (Әндижан, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Хорезм, Ташкент, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында) үйрениў алып барды.
Үйрениўлерде анықланған нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша “Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында”ғы кодекстиң 193-4-статьясы (мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы нызамшылық талапларын орынламаў) тийисли бөлимлерине тийкарланып ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында протокол рәсмийлестирилмекте.
Бүгинги күнде 344 (соннан, 224 и бойынша жәрийма төлемлери әмелге асырылған, 116 суд қарары орынланыўы күтилмекте ҳәм 4 еўи судлар тәрепинен көрип шығылмақта) ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы протокол “E-maʼmuriy ish” бирден-бир мәлимлеме системасы арқалы тийисли судларға жиберилди.
Мәмлекетлик хызметте мәплер соқлығысыўын сапластырыў илажлары көрилмеген жағдайларды тараў ҳәм бағдарлар кесиминде алып қарағанда, жергиликли ҳәкимликлерде 212 адам, аўыл хожалығында 31 адам, жаслар менен ислесиў системасында 24 адам, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўинде 13 адам, қаржы тараўында 10 адам, бәнтлик тараўында 9 адам, кадастр тараўында 6 адам, санитария ҳәм айрықша жағдайлар системасында 5 адамнан, денсаўлықты сақлаў ҳәм экология тараўларында 4 адамнан, ветеринария, спорт, жоқары билимлендириў, әдиллик системасында 3 адамнан, мәденият, инвестиция, суў хожалығында 2 адамнан, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар, қурылыс ҳәм илимий-изертлеў тараўларында 1 адамнан екенлиги мәлим болды.
Агентлик тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде мәплер соқлығысыўы ҳаққындағы нызамшылық талапларына әмел етпеў жағдайларының алдын алыў илажлары даўам еттириледи.
Н.Абдураимова,
ӨзА