Исбилерменлер менен дийқанларға ҳуқықый жәрдем

89

Аўыл хожалығында жақсы нәтийжелерге ерисиўде тараўда ушырасып атырған машқалаларды шешиў оғада әҳмийетли болып есапланады. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының басламасы менен қала ҳәм районларда шөлкемлестирилип атырған бул акция фермер ҳәм дийқан хожалықларында ушырасып атырған машқалаларды шешиўде, оларға социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан жәрдем бериўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында “20-август – Исбилерменлер күни” мүнәсибети менен ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен бирге ислесиўши министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте исбилерменлер, фермер ҳәм дийқан хожалықларының жумысларында ҳуқықый, экономикалық ҳәм басқа да бағдарларда ушырасып атырған қыйыншылықларды шешиўге жәрдемлесиў мақсетинде “Исбилерменлер, фермер ҳәм дийқан хожалықларына ҳуқықый жәрдем” акциясы шөлкемлестирилди.

– Акцияның тийкарғы мақсети исбилерменлер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары жумысларында ушырасып атырған ҳуқықый, экономикалық ҳәм басқа да бағдарлардағы қыйыншылықларды шешиўге жәрдемлесиў, тараў жумысының еркинлигин шеклеп атырған бир қатар машқалаларды турақлы түрде системалы үйренип барыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша нызамшылыққа усыныслар таярлаў, сондай-ақ, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында нәтийжели қарым-қатнас майданын жаратыў болып есапланады,- дейди ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети департаментиниң баслығы Бахтиёр Рухитдинов.

Сәўбетлесиў даўамында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, фермер ҳәм қыйтақ жерди раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў ҳәм оның турмыста және де кең орын ийелеўи ушын жаңа имканиятлар, жеңилликлер менен преференциялар жаратып бериў, тараўдың жедел раўажланыўына тосқынлық етип атырған, тараў жумысының еркинлигин шеклеп атырған бир қатар машқалалар ҳаққында сөз етилди.

Акция шеңберинде исбилермен ҳәм фермерлер кредит алыўда тосқынлықлар, жер майданын бөлистириўдеги әдалатсызлықлар, маркетинг ҳәм кадастр мәселелери, суўды үнемлейтуғын технологияларды алыўда субсидиялар ажыратыў, атыз шетлеринен үнемли пайдаланыў, кластерлер менен ислесиў ҳәм суў бөлистириўде ушырасып атырған машқалалар бойынша анық жуўаплар излеп мүрәжат етти.

Ашықтан-ашық сөйлесиўде партия белсендилери ҳәм мәселелерге байланыслы жуўапкер шөлкем хызметкерлериниң қатнасыўында ҳәр бир мүрәжат нызамлы үйренилип, партия тәрепинен арнаўлы жаратылған онлайн платформаға киргизилди.

Илаж даўамында тараўды раўажландырыўда дийқан фермерлерге берилген жеңилликлер, нызамдағы өзгерислер ҳаққында қатнасыўшыларға кең мағлыўматлар берип өтилди. Себеби көтерилип атырған машқалалардың көпшилиги фермерлердиң ҳуқықый билимлериниң жетерли емеслигинен келип шығып атырғанлығы акция даўамында айқын көринди.

Бундай әмелий форматтағы ушырасыўлар орынлардағы машқалаларды жүзбе-жүз додалаў ҳәм оларға шешим табыўда әҳмийетли платформа болып хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги