“Әҳмийетли отыз күнлик”: өнимлердиң сапасы қадағаланбақта

126

Алдын хабар берилгениндей, республикамызда зыянлы организмлерге қарсы өз ўақтында нәтийжели гүресиў илажларын шөлкемлестириў ҳәм фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде 2025-жыл 7-июльден 7-августқа шекем “Әҳмийетли отыз күнлик” жәрияланған еди.

“Әҳмийетли отыз күнлик” шеңберинде биргеликтеги илажлар режеси бойынша системалы қадағалаў жумыслары алып барылады. Мәмлекетлик инспекторлар тәрепинен палыз егинлери егилген атызларда ҳәм зыянлы шөплер тарқалыўы мүмкин болған майданларда қадағалаў күшейтилип, атыз қадағалаўы электрон бағдарламасы арқалы есабат жүргизиледи. Усы бағдардағы жумыслар Шымбай районында да даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң Шымбай районы бөлими инспекторлары тәрепинен райондағы фермер хожалықлардың бағ ҳәм атызларында фитосанитариялық мониторинг жумыслары өткерилип, өнимлерден үлгилер алынды ҳәм агентликтиң көшпели лпбораториясында тексериўден өткерилди.

Соң агентлик қәнигелери райондағы қыйтақ жер ийелериниң мийўе ҳәм палыз өнимлерине мониторинг өткерди ҳәм олардан үлгилер алынып, лабораториялық жуўмақлар берилди. Ушырасыўы мүмкин болған зыянкес ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылып, зыянсызландырыў илажларын әмелге асырыў бойынша усыныслар берилди.

Агентликтиң көшпели  лаборатория  автобусы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл  28-марттағы “Өсимликлер карантини бойынша мəмлекетлик хызмет көрсетиӯдиң  нəтийжелилигин арттырыӯға байланыслы қосымша  илажлар  ҳаққында”ғы  қарарына тийкарланып карантин  илажларын əмелге асырыӯ ушын  керекли  болған  барлық  зəрүр үскенелер  менен тəмийинленген.

Бул көшпели  лаборатория мəмлекетимизде фитосанитариялық тазалықты  тəмийинлеӯ, сондай-ақ, сырт мəмлекетлерге карантин астындағы өнимлердиң экспортын  жəне де арттырыӯ  ҳəм  усы  өнимлерге өз  ӯақтында  лабораториялық шешимди  усыныӯда айрықша  əҳмийетке  ийе болып есапланады.

Көшпели лаборатория хызмети арқалы ҳәттеки шегара аймақларда да импорт  ҳəм  экспорт  етилип  атырған  аӯыл  хожалығы өнимлерин карантин  тексериӯлеринен өткерип, зыянланған өним ҳаққында лаборатория  шешимин көрсетиӯ имканияты жаратылды.

Мағлыўмат ушын, экспортқа  шығарыў алдында турған карантин астындағы өнимлерден фитосанитариялық лабораторияға 2025-жылдың усы дәўирине шекем барлық район инспекторлары тәрепинен жергиликли аўыл хожалығы өнимлеринен жәми  4479 түрдеги  үлгилер  экспертизадан өткериў ушын тапсырылды. Соннан, 1493 түрдеги үлги энтомология тексериўи, 1493 түрдеги үлги фитопатология, 1493 түрдеги үлги  гербологиялық тексериўден өткерилди.

Агентлик инспекторлары тәрепинен тапсырылған үлгилерге жәми 364  экспертиза нәтийжеси берилип, соннан  18 жағдайда зынлы обьект аныкланған.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.