Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў тараўындағы қатнасықлар және де жетилистириледи

96

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң мәжилисинде “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам дәслепки тәризде додаланды.

Додалаў процесинде халықты социаллық қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжесинде бир қатар унамлы жетискенликлерге ерисилгени атап өтилди.

Нызам тараўдағы реформалардың логикалық даўамы сыпатында ислеп шығылған болып, оның мақсети мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Нызамда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың әмел етиўи, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша қатнасықлардың жүзеге келиў жағдайлары, қамсызландырыў ҳәдийселери ҳәм мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлер, қамсызландырылған шахслар, қамсызландырыўшы, қамсызландырыўшының ҳуқықлары менен миннетлемелери, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қаржылары, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм әмелге асырыў сыяқлы бир қатар мәселелер өз көринисин тапқан.

Мәжилис жуўмағында комитеттиң жуўмақлаўшы шешиминиң таярланыўы ҳаққында қарар қабыл етилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА