Заманагөй шараятларда оқыў ҳәм раўажланыў имканияты жаратылады

Елимизде билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў, әсиресе, аўыллық жерлерде жасайтуғын балаларға мүнәсип билим алыў имканиятын жаратыў мақсетинде бир қатар реформалар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде тек ғана қала орайларында емес, ал шетки аймақларда да заманагөй мектеплер қурылып атырғаны, барлық балаларға теңдей шараят жаратыўға қаратылып атырған итибардың әмелий көриниси болып есапланады.
Усы мақсетте Елликқала районындағы “Ихлос” аўыл пуқаралар жыйынында 220 орынлық жаңа улыўма билим бериў мектебиниң қурылыс жумыслары баслап жиберилген. Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” бағдарламасы, Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўында әмелге асырылмақта.

Бул жойбардың улыўма баҳасы 8 миллиард 483 миллион сумды қурайды. Бул заманагөй мектеп имараты қурып питкерилгеннен соң, “Ихлос” мәҳәллесиндеги балалар ушын сапалы билим алыў, заманагөй шараятларда оқыў ҳәм раўажланыў имканияты жаратылады,-деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар пуқаралардың турмыс дәрежесин арттырыў, балалардың бахытлы ҳәм абадан келешегин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги