Заманагөй мектеп имараты қурылды

Елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, ҳәр бир бала ушын заманагөй ҳәм сапалы билимлендириў орталығын жаратыў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде елимиздиң ең алыс аймақларында да жаңа мектеплер қурылмақта, барлары капитал оңланбақта.
Усы бағдардағы жумыслар шеңберинде Беруний районында жайласқан 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ушын 6 миллиард сум муғдарында мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында қаржы ажыратылып, заманагөй мектеп имараты қурылды. Жаңа имаратта 480 оқыўшы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылды. Үш қабатлы мектеп кең ҳәм жақты класс ханалары, заманагөй үскенелер, компьютер ҳәм шет тили ханасы, лабораториялар, асхана ҳәм санитариялық талапларға толық жуўап беретуғын қолайлықларға ийе, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Бул мектеп бурын 1970-жылы қурылған ески имарат базасында жумыс алып барған. Ўақыт өтиўи менен имаратта шараятлар төменлеп, әсиресе, қыс күнлери оқыўшылар ушын қолайсыз орталық пайда болған еди. Ҳәзирги күнде болса жаңа имараттың қурылысы нәтийжесинде бул машқалалар пүткиллей сапластырылды.
Жаратылған жаңа имканиятлар оқыўшыларға заманагөй билимлерди ийелеў, ИТ тараўын үйрениў, шет тиллерин пуқта өзлестириў ушын кең жол ашпақта. Билимлендириўдеги бул өзгерислер тек билим сапасы емес, ал оқыўшылардың келешекте бәсекиге шыдамлы қәниге болып жетилисиўине хызмет етеди.

Беруний районында қурылған бул жаңа мектеп имараты Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибардың әмелий көриниси болып, “Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады” деген идеяны турмысқа енгизиў жолындағы және бир қәдем болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги