Төлемлер қарыздарлығына байланыслы орынлаў жумысы әпиўайыластырылған тәртипте орынланады.

96

Парламент төменги палатасының мәжилисинде “Орынлаў жумысын жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртиби ҳәм жетилистирилиўи мүнәсибети менен “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 431-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Бул жойбар бойынша Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы директорының биринши орынбасары Шавкат Ҳайдаров мағлыўмат берди:

– Бизге белгили, орынлаў жумысын жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртибинде өндириў қарыздардың мүлкине (пул қаржылары буған кирмейди) қаратылмаған ҳәм қарыздарға ҳәкимшилик жуўапкершилик шаралары қолланылмаған ҳалда әмелге асырылады. 2023-жылы 2 миллион, 2024-жылы 2,4 миллион, 2025-жылдың өткен дәўиринде 1,4 миллион орынлаў ҳүжжетлери мәжбүрлеў механизминен пайдаланбастан тәмийинлениўине ерисилген. Орынлаў жумысын жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртиби бюроның районлық ҳәм қалалық бөлимлеринде жумыс жүклемесин 30 процентке шекем азайтыў имканиятын берди.

Бул нызам жойбары менен әпиўайыластырылған тәртипте орынланатуғын орынлаў жумыслары категориясы кеңейтилмекте. Атап айтқанда, видеоконференцбайланыс қәрежетлерин, коммуналлық хызметлер ҳәм көп квартиралы турақ жайлар мүлк ийелериниң мәжбүрий төлемлери бойынша қарыздарлықларды, сондай-ақ, базалық есаплаў муғдарының бес есесинен көп болмаған муғдардағы орынлаў ҳүжжетлерин әпиўайыластырылған тәртипте орынлаў нәзерде тутылмақта. Яғный, жоқарыда атап өтилген жумыслар бойынша қарыздарлықларды өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери келип түскенде, өндириў қарыздардың жасаў орнына яки мүлкиниң жайласқан орнына бармастан, қадаған етиў ҳәм шеклеўлерди қолланбастан әмелге асырылады.

Бул нызам жойбары өндириў нәтийжелилигин арттырыўға, қурамалы болмаған орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлардың жасаў орнына барып, оларды артықша тынышсызландырыў жағдайларының алдын алыўға, сондай-ақ, қарыздарға байланыслы қадаған етиў ҳәм шеклеўлерди қолланбаған ҳалда өндириўди әмелге асырыўға имканият жаратады, – деди Ш.Ҳайдаров.

Нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

ӨзА