Өзбекстан ҳәм Қырғызстан саўда бирге ислесиўин беккемлемекте

Бишкек қаласында жергиликли мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасында 2024-2030-жылларға мөлшерленген өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў бойынша “Ҳәрекетлер режеси”н әмелге асырыў процесин додалады. Бул ҳаққында Қырғыз Республикасы Экономика ҳәм саўда министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Мәжилис Қырғызстан Экономика ҳәм саўда министриниң орынбасары Султон Аҳматов ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери қатнасыўында болып өтти.

“Ҳәрекетлер бағдарламасы” өз-ара товар алмасыў көлемин басқышпа-басқыш арттырыў, тосқынлықларды сапластырыў ҳәм еки мәмлекет арасында санаат кооперациясын раўажландырыўға қаратылған.

Мәжилисте режени әмелге асырыўдың ҳәзирги нәтийжелери: аўыл хожалығы өнимлери, тоқымашылық, қурылыс материаллары ҳәм электр үскенелери саўдасын жеделлестириў мәселелери додаланды ҳәм жуўмағында мәмлекетлик уйымларға режелестирилген илажларды әмелге асырыўды жеделлестириў, турақлы мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў, биргеликтеги исбилерменлик басламаларын және де жедел әмелге асырыў ҳәм өз-ара саўда байланыслары процесинде жүзеге келетуғын мәселелерди жеделлик пенен шешиў бойынша тапсырмалар берилди.
М.Пирматова, ӨзА