Реформалар нәтийжеси: Өзбекстан автомобиль ҳәм транспорт картасына нәзер

174

Өзбекстан транспорт системасы кейинги жылларда кең көлемли ҳәм избе-из реформалар басқышына кирип барды. Жол инфраструктурасының модернизацияланыўы, экологиялық жәмийетлик транспортқа өтиў, автомобильлер санының кескин артыўы, электромобильлердиң үлеси ҳәм халықаралық логистика жөнелислериниң жеделлесиўи – булардың барлығы мәмлекет транспорт системасының жаңа басқышқа өтип атырғанын көрсетпекте.

Миллий статистика комитетиниӊ мағлыўматларына бола, 2025-жылдың басында Өзбекстанда физикалық тәреплерге тийисли автомобильлер саны 4 миллион 522,1 мыңды қурады. Бул соңғы жыллары автотранспорт қуралларына талап артқанын айқын көрсетеди.

Автотранспорт қуралларының қурамы төмендегише:

Жеңил автомобильлер – 4 миллион 207,6 мың дана;

Жүк автомобильлери – 293,3 мың дана;

Микроавтобуслар – 7,7 мың дана;

Арнаўлы техникалар – 7,4 мың дана;

Автобуслар – 6,1 мың дана.

Жылдың дәслепки үш айында автомобильлер саны 79,8 мыңға артқаны автомобиль қурылысы, импорт имканиятлары ҳәм халықтың турмыс дәрежесиниң артып атырғанынан дәрек береди. Бул болса өз гезегинде жол инфраструктурасына, жанылғы қәрежетлерине ҳәм экологиялық факторларға сезилерли тәсир етеди.

2025-жылдың 1-апрель жағдайына бола, Өзбекстанда 65,2 мың дана электромобиль дизимге алынған. Бул сан транспорт реформаларының экологиялық турақлылық принциплерине тийкарланып атырғанын көрсетеди.

Аймақлар кесиминде ең көп электромобиль Ташкент қаласында дизимге алынған – 49 мың 736 дана. Бул пайтахт инфраструктурасының электромобильлер ушын бейимлестирилип атырғанын аңлатады. Оннан кейинги орынларда Ташкент ўәлаяты – 4 512 дана, Самарқанд – 1 739, Хорезм – 1 415, Ферғана – 1 376 ўәлаятлары турады.

Электромобильлер санының артыўы менен қуўатлаў станцияларына талап артпақта. Соған муўапық, мәмлекетте электромобильди қуўатлаў инфраструктурасын раўажландырыў бойынша айрықша илажлар ислеп шығылған.

Ири қалалар, атап айтқанда, Ташкентте электробуслар саны артпақта. Бул болса экологиялық орталыққа унамлы тәсир көрсетпекте.

Автобусларда нақ пул қабыл етиў бийкар етилгеннен кейин 1-январьдан 10-январьға шекем (2024-жыл 1-10-январьға салыстырғанда) автобусларда күнлик дизимге алынған жолаўшылар ағымы 43,5 процентке – 871 мың адамнан 1,19 миллион адамға артқан, дәрамат болса 36 процентке өскен – 8,5 миллиардтан 11,5 миллиард сумға. Буннан тысқары, соңғы еки жыл ишинде бәндиргилерде күтиў ўақты еки есеге қысқарған – 22 минуттан 10-12 минутқа шекем.

Ҳәзирги күнде тек ғана пайтахт Ташкентте емес, ал басқа қала ҳәм районларда да заманагөй автобуслар қатнаўы жолға қойылған. Бул болса жолаўшыларға қолайлылық ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесин көрсетип береди.

Соның ишинде, Алмалық қаласының транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бас режесине муўапық, “Оlmaliq Тrans Service” ЖШЖ тәрепинен 26 заманагөй Ютонг автобусы алып келинди. Олар 5-санлы “5/3-киши район – Калмакир басқармасы” ҳәм 7-санлы “Калмакир басқармасы – Аммофос-Махам АЖ” жөнелислеринде халыққа хызмет көрсетиўди баслады. Улыўма реже тийкарында, қалада 7 жөнелисте жәми 95 автобус ҳәрекетлениўи белгиленген болып, бул процесс басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

“Ҳумаюн” кәрханасы тәрепинен Қашқадәря ўәлаятына алып келинген 20 “AsiaStar” автобусы “Шаҳрисабз автовокзалы – Китап емлеўханасы” жөнелисинде ҳәрекетлене баслады. Жөнелистиң улыўма аралығы 15,7 км болып, автобуслар күнине 20 мыңға шекем жолаўшыға хызмет көрсетеди.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде транспорт тараўына жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў мақсетинде гезектеги әҳмийетли қәдем тасланды.

Транспорт университети делегациясы Қытайдың ҚС рейтингинде ТОП-300 диң қатарына кирген Тианжин университети ҳәм Тианжин теңизшилик колледжи менен “3+1” биргеликтеги билимлендириў бағдарламасын жолға қойыў бойынша келисимге еристи.

Оған бола, студентлер 3 жыл Ташкентте, 1 жыл Тианжинде оқыйды. Белсенди жаслар Қытайдағы магистратураға грант тийкарында оқыўға кириў имканиятына ийе болады. Бирге ислесиў шеңберинде оқытыўшы ҳәм студентлер алмасыўы, илимий изертлеўлер және биргеликтеги лабораториялар шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

Бул бағдарлама транспорт билимлендириўин халықаралық дәрежеге алып шығыўда әҳмийетли басқыш болады.

Өзбекстан автомобиль санааты ҳәм автомобиль базарындағы реформалар нәтийжесинде 2025-жылдың басында жеңил автомобильлер басланғыш базарында турақлы унамлы өсиў бақланды. Бул ҳаққында Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы аналитикалық есабатында мағлыўмат берилген.

Мағлыўматларға бола, 2025-жылдың январь айында Өзбекстанда жаңа жеңил автомобильлер саўдасы 78,6 мың данаға жетти. Бул көрсеткиш 2024-жылдың декабрь айына салыстырғанда 9,5 процентке жоқары. Аймақлар кесиминде болса ең үлкен өсиў Сурхандәрья ўәлаятында – 27 процент, Әндижанда – 25 процент ҳәм Наманганда – 24 процент атап өтилди.

Жаңа автомобильлер саўдасының 18,5 процентке өсиўине қарамастан, жыл ақырына салыстырғанда бул сегментте 15 процентлик төменлеў белгиленген. Жергиликли ислеп шығарылған автомобильлер саўдасы болса январь айында 21,7 мың данаға жетти. Бул көрсеткиш өткен айға салыстырғанда 3,3 мың данаға көп.

Сырт елден алып келинген жаңа ҳәм пайдаланылған автомобильлер саўдасы 21 процентке артып, бул 4,9 мың автомобильди қурады. Бул өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 42 процентлик өсиўди аңлатады.

Жылдың басында электромобильлер саўдасында сезилерли өсиў бақланды. Атап айтқанда, жаңа электромобильлер базары 24 процентке өсип, 5,5 мың данаға жеткен. Пайдаланылған электромобильлер саўдасы болса 3,1 есеге көбейген.

Бул болса халықтың экологиялық транспорт қуралларына болған қызығыўшылығы артып баратырғанынан дәрек береди.

Екилемши автомобиль базары да жеделлеспекте. Январ айында пайдаланылған автомобильлер базары 52 мыңды қурады. Бул өткен айға салыстырғанда 5,4 процентке жоқары. Бул болса автомобиль базары қатнасыўшылары арасында талаптың турақлы қәлиплесип атырғанын көрсетпекте.

Өзбекстанда автомобиль санаатында алып барылып атырған реформалар, салық жеңилликлери ҳәм импорт тәртип-қағыйдаларының әпиўайыластырылыўы автомобиль базарының жанланыўына хызмет етпекте. Әсиресе, электромобильлер сегментинде талап артып атырғаны бул тараўдың перспективалы бағдарлардан бири екенин көрсетпекте.

Мәмлекетимизде транспорт системасы тараўындағы реформалар тек ғана ҳәрекетлениў қолайлығын арттырыў емес, ал экономикалық нәтийжелилик, экологиялық қәўипсизлик ҳәм халықаралық интеграцияны тереңлестириўге хызмет етпекте. Автомобильлер санының артыўы ҳәм электромобильлер үлесиниң көбейиўи болса реформалардың халықтың талапларына жуўап беретуғынынан дәрек береди.

Дилдора Дўсматова,

ӨзА