Ең жақсы тәрбия орталығы анықланды

202

Қарақалпақстан Республикасындағы Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери арасында «Ең жақсы тәрбия орталығы» таңлаўы болып өтти.

Таңлаў даўамында төмендеги критериялар тийкарында баҳалаў жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, шөлкемлерде жаратылған шараятлар, тәрбиялық жумыстағы жетискенликлер, директор ҳәм педагог-тәрбияшылардың профессионаллығы, ата-аналардың хызметтен қанаатланыў дәрежеси, баҳалаў процеси сораўнама арқалы әмелге асырылды.

Өткерилген таңлаў жуўмағында, Нөкис қаласындағы 39-санлы Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми биринши орынды ийелеўге миясар болды. Ал, екинши ҳәм үшинши орынлар Нөкис қаласындағы 27-санлы ҳәм 60-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине несип етти.

Таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Гүлистан Кожабаева қатнасып,  жеңимпазларды қутлықлады ҳәм оларға арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.