Өзбекстанда исбилерменлик белсендилиги индексиниң орташа төменлеўи бақланды

94

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен баҳаланған Исбилерменлик белсендилиги индекси 2025-жыл июнь айында 984 бирликти қурап, өткен айға салыстырғанда 1,6 процентке азайған ҳәм өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда болса 29,1 процентке сезилерли артқан.

2025-жылдың июнь айында Исбилерменлик белсендилиги индекси өткен айға салыстырғанда 1,6 процентке төменлеп, 984 бирликти қураўы, төмендеги компонентлер дәрежесиндеги өзгерислерге байланыслы болған:

– хожалық жүргизиўши субъектлердиң банк есап бетлериндеги операциялар саны 2,1 процентке азайған;

– товар-шийки зат биржасында шийки зат сатып алыў жеделлиги 1,7 процентке азайған;

– жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер бойынша компонент 0,9 процентке артқан;

– товар белгилери бойынша компонент 14,1 процентке азайған.

2025-жылдың июнь айында Исбилерменлик белсендилиги индекси 9 аймақта өткен айға салыстырғанда өсиўи бақланған. Соның ишинде, Қашқадәрья (43,8 процент), Қарақалпақстан Республикасы (41,9 процент), Әндижан (41,4 процент) ҳәм Наманган ўәлаятларында (37,0 процент) сезилерли дәрежеде өсиў бақланған.

Бирақ Исбилерменлик белсендилиги индекси Сырдәрья (7,2 процент), Жиззақ (4,9 процент) ҳәм Бухара (4,4 процент) ўәлаятларында сезилерли дәрежеде төменлеген.

2025-жылдың июнь айында банклераралық төлем операцияларының саны 6 309,4 мыңды қурады ҳәм 2025-жылдың май айына салыстырғанда 135,8 мың транзакцияға (2,1 процент) азайған.

2025-жылдың июнь айында республиканың 9 аймағында юридикалық шахслар арасындағы банк операцияларының саны өткен айға салыстырғанда азайған. Атап айтқанда, Жиззақ (7,3 процент), Наманган (4,2 процент), Қарақалпақстан Республикасы (3,9 процент) ҳәм Ташкент қаласында (2,8 процент) сезилерли азайыў бақланған.

2025-жылдың июнь айында ИБИдиң биржа компоненти 0,9833 бирликти қурады. Бул болса, бул компоненттиң өткен айға салыстырғанда 1,7 процентке азайғанын аңлатып, ҳәр бир келисим бойынша сатып алынған товарлардың орташа көлеми 3,8 процентке артқаны ҳәм дүзилген келисимлер саны 7,2 процентке азайғаны менен түсиндириледи.

Республикалық товар-шийки зат биржасында товарлар саўдасының улыўма айланысының көлеми 2025-жыл июнь айында 6 474,7 млрд. сумды қурап, бул көрсеткиш өткен айға салыстырғанда 21,9 процентке азайған.

Жумыс алып барып атырған хожалық субъектлери бойынша компонент 2025-жыл июнь айында 1,0088 бирликти қурап, өткен айға салыстырғанда 0,9 процентке артқан.

2025-жылдың июнь айында барлық түрде жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң саны өткен айға (481 734 бирлик) салыстырғанда 7 866 бирликке артып, 489 600 бирликти қураған.

Есап бериў дәўиринде, киши кәрханалардың саны 385 654 тен 393 359 ға артқан (өсиў 7 705). Сондай-ақ, фермер хожалықларының саны 92 090 дан 92 292 ге (+202) артқан. Ири исбилерменлик пенен шуғылланып атырған субъектлердиң саны 3 949 ды қурап, өткен айға салыстырғанда 41 ге азайған.

2025-жыл июнь айында саўда белгилерин қорғаў бойынша индекс 0,8587 бирликти қурап, өткен айға салыстырғанда 14,1 процентке төменлеген. 2025-жылдың июнь айында юридикалық шахслар тәрепинен 310 товар белгилери ҳәм товар атамалары дизимнен өткерилген.

ӨзА