Мәмлекетлик ЖООларға 4 жыллық қабыллаў квоталары белгиленди (+видео)

Президент бийлигине бола, 2025-2029-жыллар ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине ажыратылатуғын қабыллаў квоталары тастыйықланды. Енди квоталар ҳәр жылы емес, 4 жыл ушын алдыннан белгиленеди. Ҳәзирше тек ғана күндизги билимлендириў түри бойынша квоталар жәрияланды.
Бакалавриат бойынша:
2025-2026: 35 500 адам
2026-2027: 36 023 адам
2027-2028: 36 460 адам
2028-2029: 36 761 адам
Магистратура бойынша:
2025-2026: 9 922 адам
2026-2027: 10 191 адам
2027-2028: 10 477 адам
2028-2029: 10 784 адам
Сондай-ақ, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел университетлерине 1 320, сырт елде жасайтуғын жас ўатанласлар ушын 30, ҳаял-қызлар ушын болса 4 000 мәмлекетлик грант ажыратылады.
Ҳәзирше квоталардың неше орны грант, неше орны төлемли-контракт тийкарында болыўы анықланбаған. Бул ҳаққындағы толық мағлыўматлар Мәмлекетлик комиссия тәрепинен бир ҳәпте ишинде жәрияланады.
Комиссия сондай-ақ:
– қабыл етиўши ЖООлар ҳәм олардың билимлендириў тили және түрине қарап параметрлерди;
– жеңилликке ийе абитуриентлер ушын қосымша квоталарды;
– өткен жылдағы орташа өтиў баллары тийкарында минимал балларды;
– район ҳәм қалаларға салыстырғанда мақсетли қабыллаўды;
-мәмлекетлик грант үлесин ҳәм басқа да техникалық деталларды белгилеп береди.
Еслетпе: Ҳәзирги ўақытта ЖООға кириў имтиханлары даўам етпекте. Процесс 24-июльге шекем даўам етеди.
Фардона Яхшибоева, Аброр Содиқов, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА