Қоңырат-Қашқадәрья: Балалар дем алыў орайына жол алды

Қоңыратлы 200 жас Қашқадәрья ўәлаятындағы Яккабағ районында жайласқан “Шортан қарлығашы” саламатландырыў орайына дем алыў ушын жол алды.
Балаларды шығарып салыў мәресиминде ата-аналар ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкими Б.Мадаминов шығып сөйлеп, балаларға жақсы дем алыўын, жаңа дослар арттырыўын ҳәм ҳәр бир күннен утымлы пайдаланып, заўықланыўын тиледи.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы Нөкис қаласын ҳәм районларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға жәрдем бериў мақсетинде Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар бириктирилген. Усы тапсырмаға тийкарланып Қашқадәрья ўәлаяты Қоңырат районына бириктирилип, ўәлаят тәрепинен районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен қоңыратлы жасларды ҳәр жылы ўәлаяттағы балалар дем алыў орынларына жибериў арқалы балаларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсет етилген.

Дем алыў орайында ҳәр қыйлы дөгереклер шөлкемлестирилген болып, спорт жарыслары, экскурсиялар ҳәм мәдений илажлар арқалы балалардың қызықлы дем алыўы режелестирилген.
Буннан соң районлық мәденият бөлими тәрепинен кеўилли қосықлар атқарылып, илажға байрам кейпиятын бағышлады.



Қоңыратлы балалар Қашқадәрья ўалаятындағы дем алыў орайында мүнәсип күтип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.