Жаңаланып атырған дүньяда журналистлер қалай ислеўи керек?

Бул сораўға Шуша медиа форумында жуўап изленди.
Әзербайжанның Шуша қаласында 19-21-июль күнлери “Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект дәўиринде мәлимлеме ҳәм ғалаба хабар қуралларының турақлылығын беккемлеў” атамасында 3-глобал медиа форумы болып өтти.

Илажда дүньяның 50 ден аслам мәмлекетинен келген 200 ге шамалас ҒХҚ ўәкиллери, мәлимлеме агентликлери ҳәм телерадиоканаллардың басшылары, белгили журналистлер, мәмлекетлик уйымлар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң хызметкерлери қатнасты.
Форумның биринши күнинде Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев журналистлердиң сораўларына жуўап берди. Сөйлесиўде Илҳам Алиев әсирлер даўамында тартыслы аймақ болып келген Қарабағта Әзербайжан ҳүкиметиниң басламасы менен кейинги жылларда әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, аймақта жүз берип атырған унамлы өзгерислер, халықтың кейпияты, режелестирилип атырған перспективалы жойбарлар ҳаққында айтып, жағдайдан қанаатланатуғынын билдирди. Әзербайжан халқының әзелий әрманы орынланып, Қарабағ Әзербайжан аймағының ажыралмас бөлегине айланғаны, бул ата-бабалардың әрманы болғанын атап өтти.

Президент журналистлердиң сораўларына жуўап берип, дүнья сиясатындағы әҳмийетли темалары, соның ишинде, Россия-Украина урысы, Әзербайжан ҳәм Россия қатнасықларына тоқтап өтип, өз пикир-усынысларын билдирди. Ол Әзербайжанның Өзбекстан менен байланысларына да айрықша итибар қаратып, усы жылы июль айының басында Өзбекстан Президентиниң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары даўамында келисилген жойбарлар, бирге ислесиўди беккемлеўдиң перспективалы бағдарлары ҳаққында айтып берди. Дерлик үш саат даўам еткен сөйлесиў жүдә қызғын, ашық руўхта өткенин атап өтиў керек.
Медиа форумның екинши күни ғалаба хабар қуралларының әҳмийетли мәселелерге бағышланған панель додалаўлары менен басланды. Қурамы дүньяға белгили журналистлер, ҒХҚ басшылары ҳәм ўәкиллеринен ибарат экспертлер топары бүгинги күнде ҒХҚның жәмийеттеги роли, ең әҳмийетли тенденциялары, раўажланыў перспективалары ҳаққында пикир алысты.

“АЗЕРТАДЖ” мәлимлеме агентлиги шөлкемлестирилгениниң 105 жыллығы мүнәсибети менен “Бирге ислесиўдиң өтмиши, бүгини ҳәм келешеги” темасында дөгерек сәўбети болып өтти. Дүньяның ҳәр қыйлы континентлеринен келген қатнасыўшылар мәлимлеме агентликлери алдында турған заманагөй машқалалар ҳәм олардың раўажланыўына технологиялардың тәсири темаларын өз-ара додалады.
Бүгинги күнде социаллық тармақлардың дезинформация тарқалыўындағы орны, пайдаланыўшылардың минез-қулқы, жасалма интеллекттиң контент ағымына тәсири, социаллық тармақларда медиа саўатлылық, санлы платформалар ушын әдеп-икрамлылық нормаларын белгилеў ҳәм жәмийетшиликтиң исенимин, сондай-ақ, ҒХҚға исенимди сақлап қалыў үлкен әҳмийетке ийе.

Илаждың үшинши күнинде де панель додалаўлары шөлкемлестирилди. Экспертлер ҳәм спикерлер санлы технологиялар шараятында медиа саўатлылық, медиа саўатлылық – қәўипсизлик кепили, социаллық медиа эволюциясының жәмийетшилик исенимине тәсири сыяқлы темаларда пикир-таласқа киристи. Залдағылардың белсене қатнасыўы нәтийжесинде панель сессиялары шын мәнисинде журналистика бойынша шеберлик сабақларына айланды.
Сол күни Әзербайжан мәмлекетлик мәлимлеме агентлиги (АЗЕРТАДЖ) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА) арасында өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиў меморандумына қол қойыў илажы да өткерилди.

Қарабағ экономикалық зонасындағы Шуша қаласы ҳәм Лочин районындағы мәдений объектлер ҳәм тарийхый имаратларға экскурсия шөлкемлестирилди.
Шуша медиа форумы дезинформацияға қарсы гүресиў, жәмийетшиликтиң исенимин беккемлеў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, медиа саўатлылығын үйрениўде әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.
Абдужалол ТАЙПАТОВ, ӨзАның хабаршысы
Әзербайжан Шуша – Ташкент.