Ветеран футболшылар Қарақалпақстан бириншилигинде беллести

153

Нөкис қаласында «Ғайратлы кекселер» сүрени астында нураныйлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың физикалық белсендилигин арттырыў мақсетинде, 60 ҳәм оннан жоқары жаста болған ветеран футболшылар арасында Қарақалпақстан бириншилиги болып өтти.

Жарысқа Нөкис қаласы ҳәм районлардан 16 команда қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара  беллести. Қызғын өткен жарыстың финал ойынында Төрткүл районы футболшыларын жеңип шығыўға миясар болған Нөкис қаласы командасы биринши орынды ийелеўге еристи.

Ал, сыйлы үшинши орын Хожели ҳәм Беруний районлары командаларына несип етти.

Өткерилген жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.